Ҳәптелик китапқумарлардың қатарын көбейтпекте

Усы жыл 24-апрель күни Нөкис районы Мәлимлеме–китапхана орайында “Өзбекстан китапқумарлар ели” V Республикалық “Китапқумарлық ҳәптелиги” шеңберинде Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы мектеплердиң китапханашылары арасында “Зәкаўат” интеллектуаллық ойыны өткерилди.
Илажда орайымыз қәнигеси Т.Бөлекбаева шығып сөйлеп, руўхый-ағартыўшылық илажларда китапханашылардың мийнетлери жоқары екенлигин атап өтип, китапханашыларды китапқумарлық ҳәптелигинде белсене қатнасыўға, оны кеңнен үгит-нәсиятлаўға шақырды.
“Зәкаўат” интелектуаллық ойынына “Тумарис”, “Эверест”, “Едиге”, “Тербенбес”, “Алпамыс” командалары қатнасып, жәми 20 сораўға тез ҳәм анық жуўап бериўге ҳәрекет етилди.
Жарыс жеңимпазлары анықланып, “Эверест” командасы биринши, “Тумарис” командасы екинши, “Тербенбес” командасы үшинши орынды ийеледи.
Жеңимпазлар ҳәм белсене қатнасқан командалар Мәлимлеме-китапхана орайының ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
Илаж шеңберинде мектеп китапханашыларының китапханаға саяхаты да шөлкемлестирилип, китапхананың сайты, натлиб.уз сайты, китапханада алып барылып атырған жумыслар, китапқумарлар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан таныстырып өтилди. “Китапларды улығлаған уллыдур” атамасында китаплар көргизбеси де шөлкемлестирилди.
Ҳәптеликтиң төртинши күнинде мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 15-21-санлы мектеп оқыўшылары арасында «КВЕСТ» ойыны да шөлкемлестирилди.
Ойын шәртлери бойынша қатнасыўшылар тапқырлығы, зийреклиги, жаңылтпаш айтыў ҳәм жумбақлар шәртлери бойынша өз билимлерин сынақтан өткерди.
Таңлаў жуўмағы бойынша 1-орынды “Шаққанлар”, 2-орынды “Жийдели”, “Зийреклер”, “Лидерлер”, 3-орынды “Билимлилер” командалары ийеледи. Жеңимпазлар орайдың ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
Китапқумарлық ҳәптелигиниң илажлары бүгин де даўам етип, Нөкис районы Инсан хызметлери орайының социаллық қорғаўға мүтәж турақлы ағзалары болған китапқумарлар менен “Меҳирден басланар жүреклерге жол” атамасында ушырасыў кешеси болып өтти.

Кешени Мәлимлеме-китапхана орайының директоры Л.Нурымбетова ашып берип, жыйналғанларға дүньяның ең белгили инсанлары китапқумар болғанлығын, елимизде меҳирге мүтәж инсанларға мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып берилип атырған шараятлардан нәтийжели пайдаланыўды, ҳеш бир пуқара меҳир жетип барыўдан шетте қалмасын деген сүрен астында китапхана қәнигелери тәрепинен турақлы түрде социаллық тәмийнатқа мүтәж инсанларға хызмет көрсетилип киятырғанлығын атап өтти.
Илаж даўамында социаллық қорғаўға мүтәж китапқумарлар да өзлери қызығып оқып атырған китаплары, китапқа қандай меҳир қойғанлығы ҳаққында жасларға айтып берди.
Илажда қатнасыўшыларға орайдың ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Кеше 14-санлы мектептиң “Мәденият жулдызлары” дөгерек ағзаларының концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Елимиз бойлап өткерилип атырған бул илажлар китапқумарлардың қатарын көбейтип атырғанын атап өтсек болады.
Гүлжаҳан Сейдуллаева,
Нөкис районлық мәлимлеме-китапхана орайы китап фондын толтырыў, сақлаў ҳәм оларды қайта ислеў хызмети баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги