Халықлар дослығы жәмлескен илаж

Көп миллетли журтымызда халықлар дослығы қәдирленип, олардың арасындағы татыўлық, дослық қарым-қатнасықларды беккемлеў ушын бир қатар руўхый-мәдений илажлар өткерилмекте.
Нөкис районында миллетлераралық татыўлық ҳәм өз-ара мийрим-шәпәәт орталығын және де беккемлеў, түрли миллет ўәкиллериниң тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаў, раўажландырыў мақсетинде «Қырантаў» аўыл пуқаралар жыйынындағы 30-санлы мектепте «Өзбекстан улыўма үйимиз», «Биз бир ел ҳәм бир Ўатан перзентлеримиз!», сүрени астында мәдений-ағартыўшылық илажы өткерилди.
Дослық ҳәм мәденият фестивалы шеңберинде «Үрп-әдет ҳәм қәдириятлар миллет айнасы» темасында туўысқан халықлардың бийтәкирар нама-қосықлары, мәденияты, аяқ ойынлары, көркем өнери, үрп-әдетлери көрсетилип, дәстүрлерин сәўлелендиретуғын көргизбелер және жазыўшы ҳәм шайырлардың шығармаларының көргизбеси шөлкемлестирилди.

Илаж шеңберинде белсене қатнасқанларға район ҳәкимлиги тәрепинен Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги