Мектеп басшылары заман талапларына ылайық болыўы керек

Усы жылдың 25-30-апрель күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасы педагогикалық шеберлик орайы тәрепинен «ХХI әсир мектеп директоры: стратегиялық жетекшилик ҳәм инновациялық қатнас» атамасында семинар-тренинглер шөлкемлестирилиўи белгиленген болып, бүгин усы илажлардың дәслепки күнги жумыслары басланды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Кожабаева, Педагогикалық шеберлик орайының директоры В.Бекмуратовалар шығып сөйлеп, директорлардың кәсиплик раўажланыў процесслерин дурыс шөлкемлестириў, мониторинг етиў, халықаралық сертификатларға таярланыў мүмкиншиликлерин жаратыў ҳәм устазларда жаңа әсир компетенцияларын раўажландырыў бойынша потенциалын арттырыў бүгинги күнниң талабы екенлигин атап ѳтти.
Өткерилип атырған бул семинар-тренинглер де усы мақсетлерге хызмет етеди.
Тренинг 4 модуль тийкарында алып барылыўы белгиленген.
Биринши модульде нормативлик-ҳуқықый тийкарлар ҳәм шөлкемлестириў бөлиминде директорлар “Кәсиплик раўажланыў күни” ҳәм “Кәсиплик раўажланыў сааты”ның юридикалық тийкарлары, кәсиплик раўажланыў координаторының ўазыйпалары ҳәм мониторинг формалары менен танысады.
Екинши модуль: ХХI әсир устазлары ҳәм лидерлери деп аталып, онда заманагөй лидерлик компетенциялары, өзгерислерге бейимлесиў, топардың ишки мотивациясын арттырыў бойынша стратегиялар талқыланады.
«Устазлар қанлайынша кәсиплик раўажланады?» темасына бағышланған үшинши модульде устазлардың кәсиплик раўажланыў жоллары, мониторинг етиў усыллары ҳәм әмелиятты мектепте қолланыўға тийисли усыллар көрип шығылады.
Төртинши модуль – “Глобал устаз – глобал мектеп”. Онда халықаралық сертификатлар (Google Educator, Microsoft Certified Educator, Cambridge TKT ҳәм т.б.) ҳаққында мағлыўматлар берилип, оларды мектеп әмелиятына енгизиў жоллары көрсетиледи.
Бул семинар-тренингке Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 727 мектеп директоры қамтып алынған. Олардың кәсиплик раўажланыўына, сондай-ақ, мектеплерде инновациялық орталықтың жаратылыўына үлес қосыўы белгиленген.


Бул семинар-тренинг тәлим басқарыўшыларының стратегиялық пикирлеўи, лидерлик компетенциялары ҳәм глобал тәлим трендлерине бейимлесиўине хызмет етеди. Директорлар ушын бул – тек билим емес, ал әмелий көнликпе ҳәм келешекте беккем тийкар да бола алатуғын тәжирийбе мектеби болып табылады.
Семинар-тренинг жумыслары даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги