Ҳаял-қызлар ушын жаратылған шараятлар еле де жақсыланыўы керек

Өзбекстан “Адолат” СДП “Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы” шеңбериндеги төртинши ҳәпте илажлары мәмлекетимиз бойлап орынлардағы шаңарақлық поликлиникалар ҳәм емлеўханаларда “Денсаўлықты сақлаў тараўын коррупциядан жырақ тараўға айландырамыз!” деген бас идея тийкарында даўам етпекте.
Өзбекстан “Адолат” СДП Сиясий Кеңесиниң баслығы Робахон Маҳмудованың Қан қуйыў орайында шыпакер ҳәм мийирбийкелер менен биргеликте дөгерек сәўбети өткерилди.
Илаж даўамында партия жетекшиси медицина системасында ашық-айдын ҳәм әдил орталықты қәлиплестириў, халыққа сапалы хызмет көрсетиўди тәмийинлеў, тараўда коррупцияның қәўипин азайтыў бойынша өз пикирлерин билдирип өтти.
Р.Маҳмудова бул орай партияның “Бар меҳиримиз саған, балажан!” донорлық акциясын жергиликли аймақта жоқары дәрежеде өткериўде турақлы ҳәм исенимли бирге ислесиўши айрықша орын екенин атап өтти.
Күнниң екинши ярымында Р.Маҳмудова Нөкис қаласындағы ири санаат кәрханаларының бири – “Нукусэлектроаппарат” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып, өндирис процесслери менен танысты.

Бул кәрхана мәмлекетимизде қайта тиклениўши энергия дереклерин раўажландырыў ҳәм қуяш панельлерин ислеп шығарыўға қәнигелескен болып, елимизде альтернатив энергия тараўын кеңейтиўге өз үлесин қосып келмекте.
Партия жетекшиси үйрениў жумыслары шеңберинде кәрханада мийнет етип атырған хызметкерлер, атап айтқанда, ҳаял-қызлар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги