Баҳалы мәсләҳәтлери, пикир-усыныслары менен ортақласты

247

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, тийисли министрликлер менен уйымлар тәрепинен шөлкемлестирилген, баслы мақсети студент-жаслардың дүньяға руўхый-идеологиялық көзқарасын қәлиплестириў, билимлендириў мәкемелеринде руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўин шөлкемлестириў ҳәм талантын жүзеге шығарыў болып есапланған, «Студентлер бәҳәри» фестивалы шеңбериндеги илажлар орынларда даўам етпекте.

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында да фестиваль шеңберинде «Жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў» атамасында ушырасыў болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинен келген қәнигелер қатнасып, жасларға жынаятшылықтың аўыр ақыбетлери ҳаққында мағлыўматлар берип, баҳалы мәсләҳәтлери, пикир-усыныслары менен ортақласты.

Жынаяттың түрлери, жүз берип атырған жынаятлар, оған нызам шеңберинде қолланып атырған жаза шаралары, оның алдын алыў бағдарында ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен исленип атырған илажлар ҳаққында  айтып берип, ҳуқықбузарлықлардан аўлақ болыўға шақырды.

Мәмлекет қәўипсизлиги ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған бул руўхый-ағартыўшылық илажда мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў, жаслар арасында ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылықтың ерте алдын алыў бойынша исленип атырған илажлар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.

Мәмлекетимиздеги ҳуқықый мәдениятты арттырыў ҳәм жаслар арасында жынаятшылықтың алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жаңаша илажларға кеңнен тоқтап өтилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Студентлер бул бағдарда өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги