Студент-жаслар әдебият дүрданалары менен таныспақта

271

“Өзбекстан-китапқумарлар мәканы” сүрени астында өткерилип атырған V Республикалық “Китапқумарлар ҳәптелиги” шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.

Усы жыл 24-апрель күни Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты мәлимлеме-ресурс орайы тәрепинен шөлкемлестирилген институттағы   “Китапқумарлар ҳәптелиги”ниң ашылыў мәресими болып өтти.

Илажға институт басшылары, мәлимлеме-ресурс орайы қәнигелери, тюторлар ҳәм студент жаслар қатнасты.

Илажда мәлимлеме-ресурс орайының баслығы У.Аманжолова шығып сөйлеп, бул илаждың мақсети оны өткериў арқалы жасларға “Китапқумарлық ҳәптелиги”ниң идеясын әмелге асырыў, жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў, китапқумарлыққа кеңнен тартыў, олардың сабақтан бос ўақытларын мазмунлы өткериў, сөз байлығын кеңейтиў, социаллық белсендилигин, Ўатанымызға болған садықлығын арттырыўдан ибарат.

Илажда жаслар өзбек, қарақалпақ ҳәм дүнья әдебиятының дүрданалары менен кеңнен таныстырылды.

Пикир-усыныслар билдирилип, жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги