Баҳаның турақлылығы тәмийинленеди

275

Глобал экономикада қәўип-қәтерлер көбеймекте. Бул жағдайда Өзбекстан ҳүкимети ишки базарды қорғаў, контрабанданың алдын алыў ҳәм миллий ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде әҳмийетли қарар қабыллады.

Физикалық шахслар тәрепинен товарларды алып кириў тәртиби қайта көрип шығылып, бирден-бир бажыхана төлеми бийкар етиледи ҳәм анық нормалар белгиленди.

Бажысыз алып кириў нормалары:

– Ҳаўа транспорты – 1000 доллар

– Темир жол ҳәм дәрья транспорты – 500 доллар

– Авто ҳәм пияда өтиў пунктлери – 300 доллар

– Курьерлик жөнелтпелери – 200 доллар

Бул норма аз деп ойлаўыңыз мүмкин, негизинде ондай емес. Европа Аўқамы мәмлекетлеринде бул лимит – 330-480 доллар әтирапында, Түркияда – 480 доллар (жөнелтпе: 79 доллар), Қытайда – 722 доллар (жөнелтпе 288 доллар) муғдарында белгиленген.

Ең тийкарғысы, буннан қандай нәтийже күтилмекте?

– Миллий ислеп шығарыўшы бәсекиге шыдамлы болады;

– Cапасыз ҳәм арзан импорт товарлар ағымы шекленеди;

– Баҳаның турақлылығы тәмийинленеди;

– Экономикалық қәўип-қәтерлерге қарсы қорғаў артады.

Қарақалпақстан хабар агентилиги