Инновациялық қатнас ҳәм әҳмийетли бағдарлар белгиленди

292

Елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар процесинде аўыл хожалығы тараўы жетекши стратегиялық тармақлардан бири сыпатында белгиленген. Оның заманагөй, инновациялық ҳәм бәсекиге шыдамлы түрлерде раўажланыўы Өзбекстан экономикасын раўажландырыўдың әҳмийетли факторларынан бири болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмоновтың қатнасыўында Беруний районындағы «Ниятулла Азизбек» фермер хожалығы дала шертегинде  шөлкемлестирилген әмелий семинар усы реформалардың әмелий көриниси болып хызмет етпекте.

Илажға тараў басшылары, министрлик системасындағы шөлкемлердиң жуўапкерлери, сондай-ақ, фермерлер ҳәм дийқан хожалықларының ўәкиллери қатнасты.

Семинар алдында министрлик системасына киретуғын шөлкемлердиң ўәкиллери менен аўыл хожалығының бүгинги жағдайы, бар ресурслардан нәтийжели пайдаланыў, экспортқа қолайлы ҳәм бәсекиге шыдамлы өндирис системасын қәлиплестириў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды.

Илаж даўамында ҳәр бир аймақтағы аграр машқалаларды тиккелей орнына шығып үйрениў, олар бойынша анық шешимлер ислеп шығыў ҳәм әмелий нәтийжелерге ерисиў бойынша тийисли ўазыйпалар белгиленди. Аймақларда әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги терең талланып, бар машқалалар ҳәм олардың шешимлерине байланыслы ўазыйпалар көрсетип өтилди.

Министр өзиниң шығып сөйлеген сөзинде аўыл хожалығы бүгинги күнде стратегиялық әҳмийетке ийе тараў сыпатында жаңаша қатнасты талап етип атырғанын атап өтти. Сонлықтан, ҳәр бир район ҳәм сектор жумысы илимий тийкарланған, технологиялық ҳәм инновациялық қатнасықларға сүйенген ҳалда шөлкемлестирилиўи зәрүрлигин атап өтти.

Сөйлесиўде вертикал басқарыў системасы, аймақлық бөлимлердиң бирден-бир басқарыў шынжырына тийкарланыўы, жуўапкершилик ҳәм нәтийжелилик принциплерине әмел еткен ҳалда жумыс ислеўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Министр, фермерлер ҳәм агрокластер басшылары менен сөйлесиўде тараў хызметкерлериниң заманагөй билимлерди ийелеп, базар талапларына ҳәм глобаллық бәсекиге таяр болыўы зәрүр екенлигин айрықша атап өтти. Сондай-ақ, суў ресурсларын ақылға уғрас басқарыў, интенсив технологияларды енгизиў ҳәм жап-салмаларды тәртипке келтириў бойынша анық тапсырмалар белгиленди.

Мәжилисте азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, резервлерди есапқа алыў ҳәм оларды нәтийжели басқарыў мәселелери де додаланды. Соның ишинде, «Қоймахана китабы» системасы – азық-аўқат өнимлериниң кирис-шығысын турақлы түрде дизимге алыў арқалы резервлерди қадағалаў механизмин енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, министр пахташылық бойынша Пахташылық кеңеси илимпазлары тәрепинен ислеп шығылған методикалық қолланбаларға қатаң әмел етиў, атызларда сырт ел сортлары ушын от-жем майданларын, жергиликли сортлар ушын болса, арнаўлы қорғаў зоналарын шөлкемлестириў, сондай-ақ, тамшылатып суўғарыў технологияларын басқышпа-басқыш ҳәм системалы енгизиў бойынша тийисли көрсетпелер берди.

Мағлыўмат ушын, Пахташылық кеңесиниң илимпазлары бир ҳәпте даўамында Беруний ҳәм басқа да районларда болып, дийқанлардың пахта жетистириў тәжирийбесин үйренеди, агротехникалық қатнасларды таллайды ҳәм фермер хожалықларына илимий-әмелий жәрдем көрсетеди. Бул арқалы илимий көзқарасларды өндириске енгизиў ҳәм атыз жумысларының нәтийжелилигин арттырыў нәзерде тутылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги