Анкарада социаллық тараўда еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды

Анкара қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Түркия Республикасы шаңарақ ҳәм социаллық хызметлер министри Маҳинур Оздемир Гёкташ пенен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Түркия арасында социаллық тараўда бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды. Атап айтқанда, тәреплер социаллық қорғаў, шаңарақ институты және ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын тәмийинлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ, социаллық хызмет хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, төменги буўынға шекем сапалы социаллық хызметлер көрсетиў системасын тәмийинлеў, тийисли нызамшылықты жетилистириў бойынша тәжирийбе алмасыў ҳаққында пикир билдирилди.
Өзбекстан ҳәм Түркия арасында аймақлараралық бирге ислесиў жолға қойылғанын есапқа алып, шаңарақ, ҳаял-қызлар мәселелери ҳәм социаллық хызмет көрсетиўдиң аймақлық бөлимлери арасында өз-ара тәжирийбе алмасыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Соның менен бирге, ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў мақсетинде еки мәмлекет исбилермен ҳаял-қызларының бизнес-форумларын өткериўге келисип алынды.
ӨзА