Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде   2008-2009-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында гүрес бойынша Өзбекстан кубоги жарысы болып өтти.

Төрт күн даўам еткен жарыстың соңғы күни қатнасыўшылар улыўма командалық беллесиўлерде өз-ара күш сынасты.

Кескин беллесиўлерге толы болған жарыс соңында, барлық қарсыласларын жеңип шығыўға миясар болған Сурхандәрья ўәлаяты командасы биринши орынды ийелеп, бас сыйлық ийесине айланды.

Финалға шекем жеңилиссиз жетип келген Сырдәря ўәлаяты командасы екинши, Бухара ўәлаяты ҳәм республикамыз жас палўанлары сыйлы үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.

-Жарыс даўамында жекпе-жек беллесиўлерде республикамыздың үмитли палўанларынан +90 кг да Ерсултан Толыбаев ҳәм +70 кг да Нафиса Асаматдиновалар алтын, 55 кг да Баўбек Адайбаев гүмис, 70 кг салмақта Севинич Юлдашева, 44 кг да Улбосын Даўлетмуратова қола медалларын қолға киргизиўге миясар болды,-дейди республикамыз сайланды командасының аға тренери Жамшид Турабаев.-Жасларымыздың ерискен бул жетискенликлери биз тренерлерди де алға қарай умтылдырады.

Өткерилген жарыс соңында жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.


Адилбай Оразов,    

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы