Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев республикамызда жайласқан фермер хожалықларында алып барылып атырған агротехникалық жумыслардың барысы менен танысты.

Олар Әмиўдәрья районындағы «Диёрбек Канжигали» фермер хожалығында сырт ел ғаўаша сортларын егиўде қолланылатуғын Қытай технологиясы, тамшылатып суўғарыў ҳәм жергиликли сортлардан қорғаў зоналарын шөлкемлестириў усылларын көрип шықты.

-Үйрениўлер даўамында Аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов агротехникалық илажлардың жүргизилиўин унамлы баҳалап, оларды және де нәтийжели шөлкемлестириў бойынша усыныслар берди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары Акбар Козиев.-Сондай-ақ, жуўапкерлерге мәўсим даўамында атыз жумысларын сапалы шөлкемлестириў, азықландырыўда белгиленген норма ҳәм тәртиплерге әмел етиў және агротехникалық илажларда илимий тийкарланған қатнасларды енгизиў бойынша көрсетпелер берди.

Үйрениўлер даўам етпекте.

Адилбай Оразов,    

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.