Сәршемби күни Лондонда Украина ҳәм АҚШ делегациялары сөйлесиў өткерди. Сөйлесиў дәрежеси төменлегенине қарамай, Киев ўәкиллери Лондонға келген. Украина делегациясының қурамы Президент администрациясының басшысы Андрей Ермак, сыртқы сиясат уйымының баслығы Андрей Сибига ҳәм қорғаныў министри Рустем Умеровтан ибарат болды.
– Тынышлық процесин баслаў шәрти сыпатында толық оқ атыўды тоқтатыў мәселеси додаланды, суверенитет ҳәм аймақлық пүтинлик мәселеси бойынша келисип болмайтуғыны атап өтилди, – деп жазды сәўбет мазмуны ҳаққында Ермак социаллық тармақ арқалы.
– Делегациямыз Лондонда АҚШтың Украина ҳәм Россия мәселелери бойынша елшиси Кит Келлог пенен ушырасты. Биз көзқарасымызды билдирдик, оператив, толық ҳәм сөзсиз оқ атыўды тоқтатыў әдалатлы, беккем тынышлыққа ерисиў ушын сөйлесиўди баслаў жолындағы биринши қәдем болыўы керек екенлигин атап өттик. Украина ҳәр қандай шараятта әҳмийетли позициясын қорғайды, себеби бул мәмлекеттиң суверенитетин, аймақлық пүтинлигиниң тийкарын қурайды.
Андрей Сибига Украина Трамптың тынышлыққа ерисиў жолындағы ҳәрекетине садықлығын тастыйықлап, әдалатлы тынышлық бойынша сөйлесиўге таяр екенин атап өткен. Урысты тамамлаў жоллары ҳәр тәреплеме додаланғанын тәкирарлаған.
Рустем Умеров миллий телемарафонда шығып сөйлеп, ушырасыў нәтийжели өткенин билдирди. Украина тәрепи басқышпа-басқыш қатнас жасаў, оқ атыўды тоқтатыў, сондай-ақ, қәўипсизлик кепиллиги ҳаққында айтқанына итибар қаратты.
Уллы Британия Сыртқы ислер министрлиги жуўапкерлериниң пикиринше, рейтинги төменлетилгенине қарамастан, Лондондағы сөйлесиў кейинги қәдемлер бойынша улыўмалық көзқарасларды белгилеў ушын айрықша әҳмийетке ийе.
Патшалық ҳүкимети сайтында шыққан билдириўде тәреплер тез арада кейинги сөйлесиў шөлкемлестирилиўинен үмит еткени қосымша етилген.
Бул мәселеге Франция да мүнәсибет билдирди. Атап айтқанда, “Франц-Пресс” агентлигиниң жазыўынша, Елисей сарайы Украинаның аймақлық пүтинлигине ҳүрмет етилиўи европалылардың келиспеўшиликти шешиў бойынша тийкарғы талабы екенин атап өткен.
Ақ үй басшысы Дональд Трамп журналистлер менен ушырасыўда Лондон сөйлесиўине баҳа берип, «Мениңше жақсы өтти», деген.
С.Раҳимов, ӨзА