Орайлық банк басқармасы 2025-жыл 24-апрельдеги мәжилисинде тийкарғы ставканы жыллық 14 процент дәрежесинде сақлап қалыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Атап өтилиўинше, жалпы талап ҳәм усыныс арасындағы cәйкес келмеўшиликлер және сыртқы анықсызлықлардың күшейип барыўы менен байланыслы қәўип-қәтерлер пул-кредит шараятларын салыстырмалы исенимли, әмелдеги дәрежеде сақлап қалыўды талап етпекте.

Соңғы айларда қәлиплескен улыўма ҳәм базалық инфляция көрсеткишлери инфляциялық процесслер ҳәм жағдайдың турақлы жағдайда қалып атырғанын көрсетпекте.

Жыл басынан улыўма инфляция дәрежеси өсиўши трендке өтип, март айында жыллық 10,3 процентти қурады. Соның менен бирге, базалық инфляция да жеделлесиўди даўам еттирип, жыллық 8,1 процентке жетти. Бул, өз гезегинде, баҳаларға усыныс факторлары менен бир қатарда, талап факторлары да арттырыўшы тәсир көрсетип атырғанын көрсетпекте.

Жанылғы ҳәм энергия тәмийнатының жақсыланыўы ҳәм алмасыў курсының салыстырмалы турақлы қәлиплесиўи тәсиринде халық ҳәм исбилерменлердиң инфляциялық күтилмелери март айында төменлеген болса да, әмелдеги инфляция көрсеткишлеринен жоқары дәрежеде қалмақта.

Усы жылдың басынан тийкарғы саўдада бирге ислесиўшилер валюта курсларының беккемлениўи ҳәм сум алмасыў курсының саўдада бирге ислесиўши мәмлекетлердиң валюта курсларына салыстырғанда турақлылығы фонында реал нәтийжели алмасыў курсы өзиниң орта мүддетли тренди шеңберинде қәлиплеспекте.

Жаңаланған прогнозларға бола, 2025-жылдың ақырына шекем улыўма инфляция көрсеткиши 7-8 процентлик прогноз коридорының жоқары шегарасына жақын дәрежеде қәлиплесиўи күтилмекте.

Биринши шеректе жалпы тутыныў ҳәм инвестициялық белсендиликтиң артыўы есабынан экономикалық өсим 6,8 процентке шекем жеделлести. Трансшегаралық пул өткермелери көлеминиң жоқары өсими ҳәм кредитлеў потенциалының жеделлесиўи де жалпы талапты қоллап-қуўатламақта.

Усы жылы жоқары экономикалық белсендилик есабынан жалпы ишки өнимниң өсиў тенденциясы даўам етип, жыл жуўмағында 6 процент әтирапында қәлиплесиўи прогноз етилмекте. Онда жеке меншик инвестициялар экономикалық өсимди қоллап-қуўатлайтуғын фактор болып, товар ҳәм хызметлер усынысының артыўына хызмет етеди.

Жыл басынан тийкарғы саўда шериклер валюта курсларының беккемлениўи ҳәм сум алмасыў курсының саўдада шериклес мәмлекетлердиң валюта курсларына салыстырғанда турақлылығы фонында реал нәтийжели алмасыў курсы өзиниң орта мүддетли тренди шеңберинде қәлиплеспекте.

Пул-кредит шараятлары ҳәзирги беккемлик дәрежесиниң сақланып қалыныўы келешекте кредитлеў көлеми өсиминиң турақласыўы ҳәм депозитлердиң жоқары өсим пәтлери даўам етиўин тәмийинлеп жалпы талапты теңлестириўши ҳәм монетар факторлардың инфляцияға тәсирин азайтыўшы өзгешеликке ийе болады.

 

Ш.Маматуропова, ӨзА