Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен бирге Самарқандтағы халықаралық туризм орайында шөлкемлестирилген “Заманлар ҳаўазы” көргизбесине барды.
Мийманларға көргизбениң тийкарғы бөлеги – түнги саҳра көриниси көрсетилди. Жулдызлы аспан мүшеллери, Мырза Улығбек картасы ҳәм меридианлар көринеди. Тамашагөй тап Уллы Жипек жолы бойлап ҳәрекетленип атырған кәрўан сыяқлы қум төбешиклери арасынан өтеди. Жол бойы адамзат цивилизациясының раўажланыў тарийхы сәўлелендирилип барылады.
Өзбек ҳәм түркмен көркем өнер шеберлери атқарыўында дуўтар ҳәм танбур шертилип, уллы шайырлар Әлийшер Наўайы ҳәм Мақтумқулының ғәззеллери оқылды.
Инновациялық презентацияда арнаўлы безеўлер ҳәм театрластырылған сахналар кеңнен қолланылғаны мийманларда үлкен тәсир қалдырды.
ӨзА