Республикамыздың барлық аймақларында “Өзбекстан китапқумарлар ели” сүрени астында V Республикалық “Китапқумарлық ҳәптелиги” өткерилиўи белгиленген еди. 

Беруний районындағы Мәлимлеме-китапхана орайында ҳәптелик даўамында түрли илажлар, дөгерек сәўбетлери, шайырлар менен ушырасыўлар өткерилиўи режелестирилген, – делинеди Беруний районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими берген мағлыўматында.

Илажлар шеңберинде шайыр Муҳаммад Юсуфтың туўылған күнине бағышланған еслеў кешеси шөлкемлестирилди. Китапқумарлар шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўматлар берип өтти.

Сондай-ақ, көркем әдебият оқыўға қызығыўшы жаслар менен өз-ара сәўбетлесиўлер өткерилди.

Илаж даўамында “Мен сүйип оқыған шығарма” темасында пикирлесиўлар болып өтти. Китапқумарлар өзлери сүйип оқыған шығармасының қаҳарманларының образларын ашып бериўге ҳәрекет етти.


– Беруний районы Мәлимлеме-китапхана орайы 57 мың китап фондына ийе болып, соннан 40 мыңы көркем әдебиятлар болып есапланады. 12 846 китапқумар ағза болып китап фондынан турақлы пайдаланып келеди. Орайда 12 дөгерек шөлкемлестирилген. Сондай-ақ, 6 орында көшпели китапханалар бар. Китапханада көзи әззи оқыўшы китапқумарлар ушын Брайл әлипбесиндеги китаплар топламы орын алған. Олардың талап ҳәм тилеклерине қарай китап фонды қосымша әдебиятлар менен жаңаланып барылады. Китапқумарлық ҳәптелиги даўамында руўхый дүнясын байытыў тилегиндеги барлық китапқумарларды белсендиликке шақырып қаламыз, – дейди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими баслығы А.Уразова.

Қарақалпақстан хабар агентлиги