Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың усы жылдың 14- февраль күни жаслар менен болған ушырасыўында ертеңги келешегимиз ийелериниң руўхый тәрбиясы ҳәм идеологиялық иммунитетин күшейтиў, оларды жат идеялардан қорғаў бизиң ҳәр биримиздиң ўазыйпамызға айланыў шәртлиги туўралы және бир мәрте атап өткен еди.
Жас әўладта миллий мәнаўиятты қәлиплестириў, қәдириятларымызға ҳүрмет туйғысын буннан былайда күшейтиў, жаслардың әрманларын жүзеге шығарыў мақсетинде, республикамызда жайласқан жоқары оқыў орынларында «Өзбекстан –бирден-бир Ўатан» сүрени астында «Студентлер бәҳәри фестивалы» атамасында руўхый-ағартыўшылық байрам илажлары болып өтпекте.
Фестиваль шеңберинде, «Қуўнақлар ҳәм зийреклер», «Жаслар театр студиялары, «Зәкаўат», «Дебат» интеллектуаллық ойынлары, жас китапқумарлар арасында «Мутоллаа» жойбарын әмелге асырыў, талантлы студентлер ҳәм жас илимпазлар ушын «Илимий конференциялар» ҳәм спорт жарысларын шөлкемлестириў белгиленген.
«Студентлер бәҳәри» фестивалы шеңберинде Нөкис мәмлекетлик техника университети студент-жаслары арасында «Зәкаўат» интеллектуаллық турнири, спорттың волейбол ҳәм мини футбол түринен жарыс, «Жулдызлы кино» мәдений илажы, Жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтыӊ алдын алыўға бағышланған ушырасыў кешелери өткерилди.
Атап айтқанда, «Жулдызлы кино» жойбары шеңберинде жаңа көркем фильмниң премьерасы студентлер нәзерине усынылды.
Бул жойбарды өткериўден тийкарғы мақсет – студентлер арасында кино көркем өнерине болған қызығыўшылықты арттырыў, жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў ҳәм мәдений-ағартыўшылық орталықты және де байытыўдан ибарат. Бундай басламалар арқалы студентлер дөретиўшилик пикирлеў ҳәм көркем өнерге меҳир қойыў бағдарында және де илҳамланбақта.
Соның менен бирге, фестивальы шеңберинде Нөкис мәмлекетлик техника университетинде «Зәкаўат» интеллектуаллық турнири шөлкемлестирилди.
Жарыста командалар 20 логикалық ҳәм илимий сораўларға жуўап бериў менен бирге өзлериниң зийреклигин көрсетти.
-Фестиваль шеңберинде бундай таңлаўларды шөлкемлестириўден мақсет олардың потенциалын арттырыў, көзқарасын кеңейтиў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў болып есапланады,-дейди Нөкис мәмлекетлик техника университетиндеги «Зәкаўат» клубы координаторы Низаматдин Қыдырниязов.
«Студентлер бәҳәри» фестивалы республикамыз бойлап көтериңки руўхта шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы