Тийкарғы капиталға өзлестирилген инвестициялар қанша болды?

Мәмлекетимизде инвестициялық сиясатты түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм әмелге асырыўда заманагөй, сапалы қатнас механизмлерин енгизиў, сондай-ақ, инвестиция процесин жеделлестириў ҳәм улыўма исбилерменлик шараятын жақсылаў бойынша басқышпа-басқыш илажлар әмелге асырылмақта. Бул илажлар экономика тармақларын, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураларын жедел раўажландырыў ҳәм модернизациялаўға хызмет етпекте.
Инвестициялық орталықтың жақсыланғаны, керекли шараятлар жаратылғаны нәтийжесинде 2025-жылдыӊ январь-март айларының жуўмағы менен Республиканыӊ тийкарғы капиталын көбейтиўге 5 триллион 560,1 млрд. сумнан аслам инвестиция киргизилип, соннан сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери 4 триллион 075,0 млрд. сумды ямаса 314,1 млн. АҚШ долларын қурады.
Қарақалпақстан Республикасына тийкаргы капиталга киргизилген инвестициялардың 603,2 млрд. сумы қайта ислеў санаатына, 324,7 млрд. сумы аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығына, 421,3 млрд. сумы тасыў ҳәм сақлаў, 919,0 млрд. сумы қурылыс хызмет түрине, 33,8 млрд. сумы көтере ҳәм усақлап сатыўға, 40,3 млрд. сумы билимлендириў хызмет түрлерине жумсалған.
2025-жылдыӊ январь-март айларында улыўма майданы 167,1 мыӊ кв.м. болған 856 турақ жай питкерип тапсырылған. Соннан 74,3 мың кв.м.лик 405 турақ жай аўыллық жерлерге туўра келеди.
Мәмлекетимизде халыктыӊ турмыс дәрежесин жақсылаў, әмелдеги өндиристи техникалық хәм технологиялық қайта үскенелеў, стратегиялық әҳмийетке ийе тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў ҳәм ресурслардан дурыс пайдаланыўдағы актив инвестициялық сиясатты алып барыў илажлары даўам етпекте.
Саламат Мухаматдинов,
Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы
Инвестиция ҳәм қурылыс статистикасы бөлиминиң баслығы .
Қарақалпақстан хабар агентлиги.