Үш айда 1 триллион 764.4 миллиард сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылған

Қарақалпақстан Республикасында курылыс тараўы жедел раўажланып баратырған экономикамыздың әҳмийетли бир бөлеги есапланады.
Статистика басқармасының мағлыўматларына қарағанда, республикамызда 2025-жылдың январь-март айлары даўамында, жәми 1764,4 млрд. сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылып, өсим пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 105,8 процентти қурайды.
Қурылыс жумыслары көлеминде ири қурылыс кәрханалары тәрепинен исленген қурылыс жумыслары 159,1 млрд. сумды қурап, өсим пәти 109,1 процентке ерисилди. Жәми қурылыс жумыслары көлеминдеги үлеси 9,0 процентти қурады.
Киши кәрхана ҳәм микрофирмалар тәрепинен исленген қурылыс жумысларының үлеси 59,6 процентти қурап, олардың есабына туўра келген қурылыс жумысларының көлеми 1 052,3 млрд. сум муғдарында болып, өсим пәти 110,1 процентке ерисилди.
Рәсмий болмаған сектор есабына туўра келген қурылыс жумыслары жәми қурылыс жумысларының 31,4 процентин қурап, 553,0 млрд. сум муғдарында есапланды. ϴткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсим пәти 97,6 процентти қурады.
Қурылыс жумысларының ең жоқары үлеси Нөкис қаласы (21,2%), Төрткул (7,6%), Елликқала (4,9%), Беруний (4,6%) районларына туўра келди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.