Палўанларымыз жарыста мүнәсип қатнаспақта

Ҳәзирги күнлери Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде 2008-2009-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында гүрес бойынша Өзбекстан кубоги жарысы болып өтпекте.
Кеше ул балалар 83, 90, +90 кг салмақ категориялары, қызлар 63, 70 ҳәм +70 кг салмақ категориялары бойынша өз-ара беллести.
Қызғын өткен беллесиўлер жуўмағында, 83 кг салмақта қашқадәрьялы Сардар Сапаров, 90 кг да хорезмли Маҳмуд Азимбаев ҳәм ең аўыр салмақ +90 кг да қарақалпақстанлы Ерсултан Толыбаевлар алтын медальды қолға киргизиўге миясар болды.

Ал, қызлар арасында өткерилген беллесиўлер жуўмағында, 63 кг да бухаралы Шахзода Исакбаева, 70 кг да Наўайы ўәлаятынан Шахризада Эгамбердиева ҳәм +70 кг да республикамыз ўәкили Нафиса Асаматдиновалар Өзбекстан кубогиниң жеңимпазына айланды.

Сондай-ақ, 70 кг салмақта жарысқа қатнасқан республикамыз палўаны Севинич Юлдашева қола медалын жеңип алыўға миясар болды.
Жарыс жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Бүгин усы жарыс шеңберинде, командалық беллесиўлер өткериледи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы