Жаңа тәртип-қағыйдалар түсиндирилмекте

229

Бажыхана тәртип-қағыйдаларындағы өзгерислер алыс “Қарақалпақстан” посёлкасында да үгит-нәсиятланбақта.

Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 19-апрельдеги “Айырым түрдеги товарларды бажыхана шегарасы арқалы алып өтиў тәртибин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып, темир жол шегара бажыхана посты арқалы товар-материаллық байлықларды бажысыз алып өтиў муғдары 500 АҚШ доллары эквивалентинде белгиленди.

Усы жыл 1-майдан әмелиятқа енгизилип атырған бул өзгерислер менен “Қарақалпақстан” темир жол шегара бажыхана посты арқалы ҳәрекетленип атырған пуқаралар, темир жол станциясы хызметкерлери ҳәм Нөкис қаласынан 430 км узақлықта жасайтуғын аўыл пуқаралары жақыннан таныстырылды.

Үгит-нәсият илажлары даўамында бажыхана тәртиплерине киргизилип атырған өзгерислер, бажыхана шегаралары арқалы товар-материаллық байлықларды алып өтиў нормалары терең түсиндирилип, бул бағдарда таярланған буклет ҳәм флаерлер пуқараларға тарқатылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги