Жынаяттың ҳуқықый ақыбетлери түсиндирилди

327

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2025-жылда республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққындағы”ғы қарарының мазмун-мәниси бойынша түсиник жумыслары алып барылды, – деп мағлыўмат береди ҚМУ Баспасөз хызмети.

Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары А.Пренов, Нөкис қалалық судының тергеў судьясы Р.Назаров, факультет тюторлары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Мәжилис алдынан университеттиң Жаслар мәселеси ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов шығып сөйлеп, усы мәселе бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтти.

Шығып сөйлегенлер жаслар арасында жынаятшылықты азайтыў ушын әмелге асырылып атырған профилактикалық илажлар, тәлим-тәрбия жумыслары ҳәм ҳуқықый үгит-нәсиятлаўлардың әҳмийетине тоқтап өтип, студентлердиң руўхый-әдеп-икрамлылық тәрбиясын беккемлеў, соның менен бирге, жынаятлардың алдын алыўда жаслардың белсендилигин арттырыў зәрүрлигин атап өтти.

Соң, көшпели суд мәжилиси өз жумысын баслады. Судья тәрепинен ашық көшпели суд мәжилиси қатнасыўшыларына жынаяттың ҳуқықый ақыбетлери ҳаққында түсиник берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги