ҒХҚ ҳәм мәмлекет арасында тосқынлықлар артып бармақта-Уллы Британияда изертлеў нәтийжелери

265

15-апрель күни Press Gazette интернет басылымында шыққан мақалада Шеффилд Университетиниң үлкен лекторы Жинрон Тонгтиң Уллы Британияда Мәлимлеме Еркинлиги нызамының орынланыўына бағышланған изертлеў нәтийжелери жәрияланды. Ол 31 журналист пенен интервью өткерип, олардың тәжирийбесин талқылады.

Тийкарғы машқалалар

  1. Орайлық ҳәм жергиликли дәрежедеги мәмлекетлик уйымлардан тиккелей мағлыўмат алыў менен байланыслы қыйыншылықлар:
  • Мәлимлеме сораўларына нызам бойынша белгиленген 20 күнлик мүддетте жуўап  берилмеген.
  • Тийисли мағлыўматлар болған ҳүжжет яки есабат орнына тек ғана оның титул қағазы усынылған.
  • Мағлыўмат “интернетте бар” деп сораў бийкар етилген. Бирақ, тексерилгенде мағлыўмат  интернетте болмаған.
  • Полиция ҳәм денсаўлықты сақлаў системасы ўәкиллери мағлыўмат жәрияланыўының  жәмийетшиликке тәсиринен қорқып, оны усынбаўға қарар еткен.

 

  1. Баспасөз хызметлери жумысындағы тосқынлықлар
  • Айырым баспасөз хаткерлери информацияны “шығарылыўы мүмкин болған” ҳәм “мүмкин болмаған” деп классификациялап, мағлыўмат тарқатыў процесин қадағаламақта.
  • Айырым баспасөз хызмети хызметкерлери журналистлер менен байланыстан өзин алып қашып, оларды мағлыўмат ушын тиккелей кеңес ағзаларына жибермекте;
  • Сораўларға анық жуўап бериўден билқастан қашыў жағдайлары жүз берген.

Мәмлекетлик уйымлар жумысының ашықлығын тәмийинлеў — оларды жуўапкершилик пенен ислеўге шақырады ҳәм жәмийетте нызам үстинлигин беккемлейди. Бирақ журналистлер де инофрмацияларды дурыс түсиниўи ҳәм оны жәмийетшиликти алжастырыўдан яки ҳәдден тысқары унамсыз түрде усынбаўы керек. Соның ушын, мәлимлеме ашықлығында тең салмақлылықты сақлаў аңсат ўазыйпа емес. Бул ғалаба хабар қураллары ҳәм мәмлекетлик уйымлардың өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм жуўапкершиликли тийкарда бирге ислесиўине байланыслы.