Ҳиндстандағы жол транспорт ҳәдийселеринен 172 мыңнан аслам адам қайтыс болған

ВВС басылымының хабар бериўинше, Ҳиндстанда 2023-жылы 480 мыңнан аслам жол-транспорт ҳәдийселери (ЖТҲ) жүз берген. Олардың нәтийжесинде 172 мыңнан аслам адам қайтыс болған.
Ҳәдийселер дәрежеси:
- Ҳәр үшинши ЖТҲ қурбанларға себеп болмақта.
- ЖТҲларда күнине 474 адам, ҳәр минутта болса 3 адам қайтыс болмақта.
- 35 мың пияда қайтыс болған.
- Көплеген велосипед ҳәм мотоцикль мингенлер қайтыс болған.
- 10 мың бала бахытсыз ҳәдийселердиң ақыбетинде қайтыс болған.
Ҳиндстанда ЖТҲлар не себеп жүз берген?
– Транспорт министриниң атап өтиўинше, ЖТҲлардың себеби көп, бирақ тийкарғысы инсан факторы.
- ЖТҲлардың көпшилиги транспорт басқарыўшыларының тез ҳәм қәўипли айдаўы себебинен болган.
- Қалаберди, автомобильлердиң гөнерген жағдайы ҳәм техникалық жақтан қәўипсизлик талапларына жуўап бермейтуғыны да әҳмийетли факторлардан бири.
Апатшылықлардың көплиги не менен байланыслы?
- 54 мың велосипед ҳәм мотоцикль мингенлер шлем киймеген.
- 16 мың айдаўшы ҳәм жолаўшы қәўипсизлик ременин тақпаған.
- 34 мың қайтыс болған айдаўшының айдаўшылық гүўалығы болмаған.
ЖТҲлардың жүз бериўине жол инфраструктурасындағы кемшиликлер де айрықша фактор сыпатында тәсир етпекте. Олардың көпшилигин сапасыз ҳәм талапларга жуўап бермейтуғын жол қапламалары, жол белгилери ҳәм сызықлардың жетерли емеслиги ямаса надурыс орнатылғанлығы, бордюр, тосық ҳәм басқа да қәўипсизлик қуралларының жетиспеўшилиги ямаса орнатылыўындағы кемшиликлер қурайды.
ЖТҲ ақыбетлерин сапластырыў қәрежетлери Ҳиндстан ЖИӨниң 3 процентине тең.
ЖТҲлардың алдын алыў мақсетинде төмендеги шаралар көрилиўи белгиленген: 1. жоллардың инженерлик жақтан жақсыланыўы; 2. техникалық қадағалаў ҳәм стандартлар; 3. халықты хабардар етиў, профилактика. 4. нызамларды қатаң орынлаў; 5. тез медициналық жәрдем системасын жетилистириў.
Жуўмақ:
Өзбекстанда да ЖТҲлар аўыр машқалалардың қатарынан орын алған. Олар тийкарынан тезликти асырыў, қәўипли айдаў, қағыйдаларға әмел етпеў себепли жүз береди. Жол белгилери ҳәм қәўипсизлик қуралларын орнатыўдағы кемшиликлер де бул процесске бираз тәсир көрсетпекте.
Бирақ, ЖТҲлар саны жыл сайын азаймақта: 2021-жылы – 10001, 2022-жылы – 9902, 2023-жылы – 9839, 2024-жылы – 9364 ЖТҲ дизимге алынған. Автотранспорт қуралларының саны артып баратырғанын есапқа алсақ, мәмлекетимизде жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша дурыс қатнас таңланған, деп айта аламыз. Айдаўшылық курсларының сапасы үстинен қадағалаўды күшейтиў; тезлик шеклеўлериниң енгизилиўи, камералар ҳәм қадағалаў қуралларының орнатылыўы белгили дәрежеде унамлы тәсир етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги