Көп китап оқыған адам сөз урысы болмайды

23-апрель – Халықаралық китап ҳәм авторлық ҳуқықы күни
Сөйлесиўимизде «Китап – инсанның досты», дегени гәпти көп пайдаланамыз. Китап инсанға ҳеш қандай мәп, миннетлерсиз мәсләҳәт береди. Соның ушын мың жыллардан берли китап адамлар қолынан түспейди. Қәдирленип, ҳүрметленип келинеди.
Ҳәттеки китап ушын пүткил дүньяда арнаўлы күн де белгиленген. Яғный, 23-апрель – Халықаралық китап ҳәм авторлық ҳуқықы күни.
1995-жыл Парижде китаплар ҳәм авторларға ҳүрмет көрсетиў мақсетинде ЮНЕСКОның Бас конференциясы болып өткен. Бул мәжилис ҳәммени, әсиресе, жасларды китап оқып рәҳәтлениў, инсанияттың жәмийетлик ҳәм мәдений раўажланыўына жәрдемлескенлердиң шексиз үлесин ҳүрмет етиўге шақырды.
Сол күннен баслап китап көргизбелери, ярмаркалар өткериў дәстүрге айланды. Бул байрам китапсүйерлерди тек ғана билим алыў, пикирлеў емес, ҳәттеки әдеп-икрамлылық қәдириятлар менен де бирлестирип келмекте.
Хош, неге китап пенен авторлық ҳуқықы күни бир күнде белгиленеди?
Ҳәр бир китаптың өз дөретиўшиси, яғный авторы, халықтың тили менен айтқанда жазыўшысы бар. Қостырнақ ишиндеги айырым дөретиўшилер болса уллы шығармаларды көширип, урлап, надурыс талықланыўына себепши болып қалады. Яғный, сөз урысына айланады. Сол себепли китап ҳәм авторлық күни бирге белгиленетуғыны бийкарға емес. Бийбаҳа шығармалар жазған инсанлардың ҳуқықлары усы тәризде қорғалады.
Соған қарамастан заманагөй медиа дүньясында айырым блогерлер өзиниң социаллық тарамқлардағы бетлеринде китапларда келтирилген алтынға тең сөзлердиң мәнисин қопал түрде өзгертип жайластырыўды әдетке айландырған. Бундай сөз урыларын ҳәзирги күнде социаллық тармақларда қәлегениңше табыў мүмкин.
Танымалы болыў артынан қуўыў бүгин көпшилик ушын әдетке айланды. 7 жастан 70 жасқа шекемги адамлар социаллық тармақлардағы бети арқалы танылыўды қәлейди. Әлбетте, бул жүдә жақсы ҳәрекет ҳәм биз оны қоллап-қуўатлаймыз. Бирақ, бундай танылыў биреўлердиң дөртиўшилик өнимин өзлестириў арқалы болмаўы керек. Көп китап оқыған адам халықтың арасында сүйикли болады.
Нигора Раҳмонова, ӨзАның хабаршысы