Реформалар-халық мәпи ушын хызмет етпекте

297

Елимизде барлық тараўлар сыяқлы аўылхожалығы тараўында да ири реформалар әмелге асырылып, олар өзлериниң унамлы жемисин бермекте. Әсиресе, тараўға сырт еллердиң жаңа техникалары менен агротехнологияларының енгизилиўи тәжирийбели дийқан фермерлер ушын оғада қолайлы болмақта.

Буның айқын мысалын, бизлер Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен Тақыятас ҳәм Хожели районларына шөлкемлестирилген пресс-тур даўамында көргендей болдық.

Тақыятас районындағы «Төреев Султамурат бий» фермер хожалығы бүгинги күни усы аймақтағы емес, ал, пүткил республикамыздағы ең үлгили хожалықлардың бири болып, оған тәжирийбели исбилермен дийқан Төреев Султамурат басшылық етеди.

Улыўма 140 гектар егислик жерге ийе болған фермер хожалығында бүгинги күни 60 гектар жерде гүзлик бийдай, 45 гектар жеринде пахта, 5 гектар жеринде мийўе бағы егилип, оларға агротехникалық қәделерге сай тәрбия жумыслары жүргизилмекте. Сондай-ақ, хожалықтың 1 гектар жерине жасалма көл де жаратылып, бул жерде балықлар өршитилмекте.

-Буннан 20 жыл бурын фермер хожалығын шөлкемлестирген едик,-дейди хожалық баслығы Султамурат Төреев.-Сол жыллары хожалығымызда бирде-бир техника жоқ еди. Аўыл хожалығы тараўында жүргизилген мәмлекетлик сиясат ҳәм хожалық ағзаларының тынымсыз ислеген мийнети нәтийжесинде, бүгинги күни өзлеримиз ушын керекли болған барлық заманагөй техника ҳәм агрегатларды сатып алыўға еристик. Техника дийқанның қол қанаты деп дурыс айтқан, усы техникалардың жәрдеминде жумысларымыз жеңиллесип, дақылларды егиў, оларды тәрбиялаў ҳәм жыйнап алыў ислерин тез күнлерде жуўмақлап атырмыз.

Ҳақыйқатында да, бурын халыққа хызмет көрсетиў тараўында жумыс ислеген Султамурат Төреевтиң аўыл халқы менен тез тил табысып, истиң көзин билип жумыс ислеўи, жыллар өткен сайын өзиниң унамлы нәтийжесин берип, мәмлекетке пахта ҳәм бийдай тапсырыў бойынша белгиленген режелерди артығы менен орынлаўына себепши болды. Буның нәтийжесинде, хожалық есап-бетинде артықша қаржы пайда болып, фермер тәрепинен оларға заманагөй техника ҳәм агрегатлар сатып алынды.

-Биринши гезекте мен жерлеримниң бир тегис болыўына итибар қараттым ҳәм хожалыққа сүрим тракторы, плуг, тырма, жер тегислеўши лазер үскенелерин сатып алдым,-дейди фермер сол жылларды еске алып.-Өз ўақтында жүргизилген усындай жумыслардың нәтийжесинде, пахта ҳәм бийдай жетистириў бойынша ҳәр бир гектар жерден алынатуғын зүрәәтлиликти әдеўир арттырыўға миясар болдық. Атап айтқанда, өткен жылы пахтадан орташа 40 центнер ҳәм бийдайдан 60-65 центнерден өним алыўға еристик.

Сондай-ақ, хожалық ағзалары суўды үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў, пахта ҳәм бийдайдың жаңа сортларын егиўге де итибар қаратып келмекте.

-Буннан бес жыл бурын 750 миллион сумға бийдай атызларымызға жаўынлатып суўғарыў технологиясын алып келип орнатқан едик,-дейди Султамурат Төреев. –Нәтийжеси жаман емес. Бурын мысал ушын, гектар жерге 200метр. куб суў кеткен болса, ал, жаўынлатып суўғарыў технологиясы бойынша еки есе суў аз жумсалып атыр. Соның менен бирге, туқымгершиликке де айрықша итибар қаратылып, өткен жылы Жиззақ ғәллешилик илимий-изертлеў институтынан гүзлик бийдайдың «Туран» сортын алып келип, оннан 80 центнерден өним алыўға еристик. Ҳәзир усы сорттың егислик майданын кеңейтип, оны 35 гектар жерде жетистирип атырмыз. Пахтаның болса, «Султан» сортын егип, оннан мол өним алып атырмыз. 5 гектар жерге Ферғана ўәлаятынан алып келинип егилген, мийўе нәллери де бағқа айланып, быйылдан баслап мийўе көрсете баслады.

Усы аймақта жайласқан бағшылыққа қәнигелескен «Еркин кенегес» фермер хожалығы да райондағы ең үлгили хожалықлардың бири болып табылады.

2, 5 гектар жерде ҳәр қыйлы мийўе нәллерин егип, оннан дийдиленгендей зүрәәт жетистирип киятырған хожалық ағзалары тек ғана Тақыятас районының базарын емес, ал, Нөкис, Хожели қалалары базарларын, қоңсылас Қазақстан Республикасы базарларын да өз өнимлери менен турақлы түрде тәмийинлеп келмекте.

-Ҳәзирги ўақытта бағымызда алма, ерик, қәрели, алмурт, беҳи, шабдалы, әнжир мийўе тереклери бар,-дейди республикамызға белгили бағман Ибраҳим ҳажы Жумамуратов.-Бағшылықта базар талабынан келип шығып жумыс алып бармасаң, зыянға ушырайсаң. Сонлықтан бизлер жеримизге Ферғананың Қува районынан түрк әнжири, исфарақ ерик, сох гўзали алмасы, шабдалының ҳәр қыйлы өнимдарлы ҳәм мазалы сортларын алып келип ектик. Быйыл олар өзиниң мийўесин көрсете баслады.

Соның менен бирге, хожалықта 80-90 уя пал ҳәрреси бағылып, оннан да мол өним жетистирип келмекте.

-Пал ҳәрресин бағыўды 2000-жыллары баслаған едик,-дейди Ибраҳим ҳажы Жумамуратов.-Мине, соннан берли, уялар санын көбейтип, бүгинги күни 90 уя бағып атырмыз. Пал ҳәрре өсимликлердиң шаңланыўында, өнимдарлықтың артыўына өзиниң унамлы тәсирин көрсетеди. Мәселен, айғабағар еккен адам оның жанында пал ҳәрре бақпаса, шимишки дәнелери пуш болады екен.

Соның ушын ҳәр бир дийқаншылық пенен шуғылланыўшы адам пал ҳәрре сақласа мақсетке муўапық болады деп ойлаймыз. Бизлер жетистирген палымызды базарға шығарып сатпаймыз. Қарыйдарлардың өзлери үйимизге келип сатып алады. Бул да фермер хожалығы ағзалары ушын қосымша дәрамат болып табылады.

Усылар менен бир қатарда өткерилген пресс-тур даўамында республикамызда жумыс алып барып атырған журналистлер менен бирге, Хожели районындағы «Толғанай Шүкириллаева» ҳәм «Агромир Хожели» фермер хожалықларында болып, олардың соңғы жыллары жүргизип атырған жумыслары менен жақыннан таныстық ҳәм бүгинги күни халқымызды қызықтырып киятырған сораўларға тийисли шөлкем басшыларынан жуўап алдық.

-Бүгинги күни елимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, дийқаншылықта өнимдарлықты арттырыў ҳәм экспортқа сапалы өнимлер шығарыў әҳмийетли мәселелердиң бири болып келмекте. Сонлықтан ҳәзирги ўақытлары елимизде ири көлемдеги жумыслар әмелге асырылмақта. Олардың жумысларын кеңнен сәўлелендириў ҳәм оларды кең жәмийетшиликке үлги сыпатында көрсетиў ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң баслы ўазыйпаларының бири. Соның ушын министрлик тәрепинен журналистлер ушын усындай илажларды шөлкемлестирип, усы ис-реже тийкарында жумыслар алып барып атырмыз,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң баспасөз хаткери Шарапатдин Абдурахманов.

Илажда өз-ара пикир алысып, бирге ислесиўди кеңейтиўге келисип алынды.

Адилбай Оразов,    

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы