Қәўипсиз орталықты жаратыў  жолында

281

Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институтында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2025-жылда республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў системасының нәтийжелигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққындағы»ғы қарарының әҳмийетин түсиндириў мақсетинде, ушырасыў кешеси болып өтти.

Илажды институт директорының Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша биринши орынбасары Д.Қурбаниязов басқарып барды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы Н.Балтабаева ҳәм институт профилактика инспекторы А.Бекбергеновлар елимиз бойлап мәҳәллелерде қәўипсиз аймақты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, оған жол қоймаў бүгинги күнде тийкарғы мәселелерден бири болып есапланатуғынлығын ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў системасын жетилистириў, қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарында ҳуқық қорғаў уйымларының нәтийжели жумысларына тоқтап өтти. Ушырасыўда студент-жаслар тараўға байланыслы сораўларына тийисли жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги