Жаслар Парламентине сайлаўдың екинши басқышы Нөкисте де қызғын өтпекте

Кейинги жыллары елимизде жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында итибар қаратылып, оларды реформалар процесине жедел тартыў, жаслардың идеялары менен басламаларын жүзеге шығарыў ушын кең имканиятлар жаратылмақта.
Жаслардың сиясий белсендилигин арттырыў ҳәм оларды нызам дөретиўшилиги процесине кеңнен тартыў мақсетинде Нызамшылық палатасы жанында шөлкемлестирилген Жаслар парламенти бүгинги күнде жаслардың мәплерин қорғаў, оларды нызамшылық процесслерине тартыў ҳәм олар менен мәмлекет арасында көпир ўазыйпасын атқарып келмекте.
Ҳәзирги ўақытта Республиканың барлық аймақларында ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң 2025-жыл 6-марттағы мәжилиси қарары менен тастыйықланған реже тийкарында, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламенти ағзаларын сайлаў процеси басланған.
ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң мәжилислер залында сайлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти. Онда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы С.Турманов шығып сөйлеп, мәмлекетимизде жаслар бағдарында алып барылып атырған реформалар ҳәм партияның “Жаслар қанаты” тәрепинен алып барылып атырған әмелий илажлар бойынша жасларға кең түрде мағлыўматлар берип өтти.






Жаслар парламентине сайлаў – жасларды Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларына ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, жигит-қызларда бәсеки мәдениятын қәлиплестириў, электорат мәплерин қорғаў сондай-ақ, ҳәр бир партияның жасларға байланыслы усыныс ҳәм басламаларын алға қойыў, ўәкилликли уйымларға талабанлар резервин қәлиплестириў, мүнәсип жасларды Жаслар парламентине сайлаў мақсетинде өткериледи, – деп атап өтти ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң баслығы С.Турманов.
Бул сайлаўда қатнасып атырған 316 талабан 18 жастан 30 жасқа шекемги жоқары (тамамланбаған жоқары) мағлыўматқа ийе, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, сиясий партиямыздың ағзасы, белсенди жаслар болып есапланады. Сондай-ақ, сайлаўға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатларының жәрдемшилери ҳәм партия системасында жумыс алып барып атырған хызметкерлер, сондай-ақ, Жаслар парламентине алдынғы сайлаўда сайланғанлар да талабан сыпатында ҳүжжет тапсырды. Ең тийкарғысы, бул сайлаўда гендер теңликке итибар қаратылған болып, талабанлардың улыўма санының кеминде 30 процентин ҳаял-қызлар қурайды.
– Сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби, шәртлери, режеси, мақсет ҳәм ўазыйпалары, оны үгит-нәсиятлаў бойынша анық көрсетпелер тийкарында шөлкемлестирилди,-дейди ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң бөлим баслығы Клара Худайбергенова.-Оған муўапық Жаслар парламентине сайлаў процесинде жаслардың толық ҳәм нәтийжели қатнасыўын тәмийинлеўде аймақлық сайлаўалды штабы шөлкемлестирилди, сайлаўды ашық-айдын ҳәм қалыс өткериў мақсетинде партияның аймақлық ҳәм районлық (қалалық) Кеңеслеринде Шөлкемлестириў комитети ҳәм Төрешилер қурамы тайынланды ҳәм жумысын жолға қойыў ушын барлық шараятлар жаратып берилди.
Сайлаў процеси еки басқышта шөлкемлестирилди. Екинши Қарақалпақстан Республикасы таңлап алыў басқышында 57 жас қатнасты.
Таңлаў басқышында талабанлардың мәмлекетлик тилдеги саўатлылық дәрежеси, сиясий партияның жумысына қатнасы, нызамшылық тараўындағы билим ҳәм көнликпеси, нызамшылықты жетилистириў бойынша тийкарланған усыныслары, мәмлекетлик басқарыўға байланыслы билими, сиясий ҳәм ҳуқықый саўатлылығы, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларға мүнәсибети сондай-ақ, жетекшилик қәбилети сыяқлыларға айрықша итибар қаратылды.
Усынылған барлық ҳүжжетлер, төрешилер қурамы ҳәм шөлкемлестириў комитетлери тәрепинен ашық-айдынлық ҳәм әдиллик принциплери тийкарында үйренилип, ең мүнәсип ҳәм белсенди 9 талабан Өзбекстан Республикасы басқышында қатнасыў имканиятына ийе болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги