Беруний районында Каратэ WKF орайы ашылды

334

Беруний районында  Президенимиздиң “Каратэ (WKF)  спорт түрин және де раўажландырыў илажлары ҳаққында» ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Каратэ (WKF)  орайы шөлкемлестирилди.  Орайдың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Е.Қутыбаев, район ҳәкиминиң биринши орынбасары У.Матирзаев, тараў қәнигелери ҳәм спортшы жаслар қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар, мәмлекетимизде спорт тараўын раўажландырыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли реформалар, жас әўладтың спорт пенен шуғылланыўы ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳәм тараўда ерисилип атырған табысларды атап өтти.

Илаж даўамында районлардан келген спортшылар арасында  жарыс шөлкемлестирилип, жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланды.

Буннан соң министр Е.Қутыбаев  районындағы спорт мектебинде болып, ол жердеги  спортшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты ҳәм  шуғылланыўшылар еле де жоқары нәтийжелерге ерисиўи ушын қолайлы шараятлар жаратыўы кереклиги бойынша тапсырмалар берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги