Көшпели қабыллаў болып өтти

Әмиўдәрья районы Чойкөл аўыл пуқаралар жыйынында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар бойынша орынбасары Р.Нуразизовтың қатнасыўында көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.
Онда барлық тараўлар бойынша республика ҳәм район дәрежесиндеги жуўапкерлер ҳәм халық ўәкиллери қатнасты, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Қабыллаў процесинде пуқаралар тәрепинен түрли мәселелер бойынша мүрәжатлар билдирилди.

Пуқаралар тәрепинен билдирилген мәселелердиң айырымлары қабыллаў даўамында өзиниң унамлы шешимин тапты. Ал, қосымша үйрениў ҳәм мүддет талап ететуғын мүрәжатларды тез пурсатта шешиў ушын тийисли жуўапкерлерге тапсырма ҳәм көрсетпелер берилди.
Сондай-ақ, пуқаралар жуўапкерлерге өзлерин қызықтырған сораўларын берип, жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги