Китапқумарлар ҳәптелиги ашылды

342

Мәмлекетимизде жасларды китапқумарлыққа тартыў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ушын бәнтлигин тәмийинлеўге  айрықша итибар қаратылып, бир қатар илажлар алып барылмақта.  Әсиресе жаслардың китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын еле де раўажланлырыў бағадарында тараўда бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Нөкис районы Мәлимлеме-китапхана орайында 21-27-апрель күнлери даўамында болып өтетуғын «Өзбекстан-китапқумарлар журты» сүрени  астындағы V Республика «Китапқумарлық ҳәптелиги»ниң ашылыў мәресими болып өтти.

Илажға Нөкис районы Нураный қоры баслығы Ж.Қайпов, Әдиллик бөлими баслығы А.Өтеўлиев, Республика руўхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы Н.Тоимбетов, жазыўшы ҳәм журналистлер менен китапқумарлар қатнасты.

Илажда  сөзге шыққанлар, Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде китапқумарлық мәдениятын арттырыў ҳәм китап басып шығарыў бойынша   қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, бул бағдарда  кең көлемли жумыслар алып барылып атырғанлығын  атап өтип,  оқыўшы -жасларға китап-бул руўхый азық, китапқумарлық болса ең ағла пайзыйлет екенлигин сөз етип,  китап пенен дос болыўға ҳәм оны қәдирлеўге шақырды.

Буннан соң,  илаж шеңберинде жыл даўамында китапхана илажларында белсене қатнасқан ҳәм ең көп китап оқыған китапқумар ата-аналар менен биргеликте белсенди жасларға Мәлимлеме-китапхана орайы тәрепинен естелик саўғалары менен Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Сондай-ақ, Мәлимлеме-китапхана орайы қәнигелери тәрепинен китапханаға жаңадан келген көркем әдебиятлардан М.Нызановтың “Тутқын,” “Қарақалпақтың даңқлы перзентлери” ҳәм жәҳән әдебиятынан  Юй Хуаның “Жасаў” романларына библиографиялық шолыўлар берип өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги