Мектеплерде де үгит-нәсият жумыслары алып бармақта

333

Жәмийеттиң раўажланыўына кери тәсир көрсетиўши, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин шеклеп, әдилсизликти келтирип шығарыўшы коррупция иллетине қарсы гүресиў кең жәмийетшиликти қамтып алмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 5-март күнги көрсетпесине бола, “Коррупцияға қарсы гүресиўди жетилистириў” бойынша ”Коррупциясыз келешек” темасында үгит-нәсият алып барыўшы жумысшы топар дүзилген.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша дүзилген жумысшы топар ағзалары, топар басшысы, юридика илимлериниң докторы А.Қаҳрамоновтың басшылығында Нөкис қаласындағы 46-санлы улыўма билим бериў мектебинде ушырасыў өткерди.

Мектептиң педагоглар жәмәәти, класс басшылары ҳәм оқыўшылары арасында түсиник жумысларын алып барып, бул иллеттиң келтирип шығаратуғын ақыбетлери кеңнен додаланды. Мектеплерде коррупцияның алдын алыў мәселелери бойынша пикир-усыныслар тыңланып, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Бул бағдардағы илажлар орынларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги