Жас футболшыларымыз елимиз абырайын мүнәсип қорғады

Кеше Саудия Арабстанының Тоиф қаласындағы «Корол Фахд» стадионында 17 жасқа шекемги жас өспиримлер арасында футбол бойынша Азия кубоги өз жуўмағына жетти.
Жарыстың финал беллесиўинде Ислом Исмоилов басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы өзиниң жеңисли жүрислерин даўам етип, оғада қыйын өткен ушырасыўда 2:0 есабында қаҳарманларша жеңиске еристи.
Бул футболшыларымызды қаҳарманларша деўимиздиң себеби, олар дерлик бир саат даўамында майдан ийелери есапланған Саудия Арабстаны сайланды командасынан 2 ойыншы аз болып ойнады ҳәм қарсыласлары дәрўазасына 2 гол урыўға миясар болды.
Енди ушырасыўдағы қызықлы ўақыяларға тоқталатуғын болсақ, ойынның 40-минутына шекем мәмлекетимиз жаслары көбирек топқа ийелик етип, өз қарсыласлары дәрўазасы алдында бир неше қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестириўге еристи. Усындай ҳүжимлердиң биринде командамыз ҳүжимшиси Нурбек Сарсенбаев араблардың оң қанат қорғаўшысы менен соқлығысып, Нурбектиң аяғы үстине қорғаўшы қулап түсти. Буған ашыўы келген футболшымыз аяғын араб футболшысының астынан шығарып алыў пайытында өз қарсыласының гегирдегине балтырын тийгизип алды ҳәм ушырасыў төрешиси қатарлы Юсуф Ареф Ал-Шамари тәрепинен қызыл карточка менен жазаланды.
Әлбетте, Нурбектиң майданнан шетлетилиўи командамыздың ойынына унамсыз тәсир көрсетип, футболшыларымыз бир қатар қәтеликлерге жол қойды ҳәм усындай қәўипли ҳүжимлердиң биринде жәрийма майданына кирип баратырған саудиялы футболшыны қорғаўшымыз Миразиз Абдукаримов қолы менен услап қалып, қызыл карточка менен жазаланды.
Биринши таймның өзинде-ақ, еки футболшымыздың майданнан шетлетилиўи командамыздың бас тренеринен баслап, барлық ойыншылар ҳәм елимиз спорт жанкүйерлерин ашыўға буўлықтырып, қәўетерге салды.
Бирақ, ушырасыўдың екинши таймы көпшилик күткендей болмады ҳәм жас футболшыларымыз өзлериниң бар күш-жигерин көрсетип, 50-минутта Саудия Арабстаны дәрўазасы алдында пенальти ислеп алыўға еристи ҳәм оны 3-номерли қорғаўшымыз Муҳаммад Ҳакимов анық әмелге асырыўға миясар болды.
Саудия дәрўазасына урылған бул гол командамыз ойыншылары жүрегинде исеним пайда етип, жанкүйерлеримизлерди шексиз қуўанышқа бөледи.

Буннан соң Саудия Арабстаны бас тренери ойында бир неше ҳүжимшилерди майданға түсирип, ойынға кескин бурылыс жасамақшы болды. Лекин, ойын бразилиялы тренердиң ойлағанындай болмай 70-минутта 7-номерли Садриддин Хасанов Саудия дәрўазасына әжайып тәризде гол урып, командамызды чемпионлыққа жақынластырды.
Бул голдан соң саудиялы футболшылар да көплеген қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди. Бирақ, командамыз дәрўазаманы ҳәм барлық футболшыларымыздың исенимли ойынлары дәрўазамызды голлардан сақлап қалды ҳәм Ислом Исмоилов басшылығындағы Өзбекстан жас өспиримлер сайланды командасы чемпионлықты қолға киргизиўге миясар болды.
Сондай-ақ, жарыс соңында сайланды командамыздың дәрўазаманы Нематуллоҳ Рустамжонов «Ең жақсы дәрўазаман», Асилбек Алиев «Ең жақсы ҳүжимши», Садриддин Хасанов «Ең жақсы ойыншы» номинациясы бойынша жеңимпазлықты қолға киргизиўге еристи.
Қарақалпақстанлы спорт жанкүйерлери ушын әҳмийетли тәрепи сонда, сайланды команда қурамында Әзизбек Еримбетов, Нурбек Сарсенбаев ҳәм Баҳадыр Избасқановлар да қатнасып, алтын медаль менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы