Заманагөй насос ҳәм қуяш панельлериниң әҳмийети кеңеймекте

Беруний насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының жуўапкерлери тәрепинен насос станцияларында энергия ресурсларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы мәселелерге бағышланған семинар шөлкемлестирилди.
Көргизбели семинарда райондағы барлық насос станцияларының басшылары ҳәм жумысшы-хызметкерлери қатнасты.
Беруний насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы баслығының орынбасары М.Юсупбаев усы жылдың 17-апрель күни Суў хожалығы министрлигинде видеоселектор тәризинде өткерилген мәжилисте насос станцияларында энергия ресурсларынан пайдаланыў бойынша белгиленген ўазыйпаларға кең түрде тоқтап өтип, әмелге асырылатуғын әҳмийетли жумыслар белгилеп алынды.
Илажда быйылғы жылы суў хожалығында “Насослардың нәтийжелилигин арттырыў жылы” деп белгиленгени айрықша атап өтилип, бул бағдарда әмелге асырылатуғын жумыслар да додаланды. Жуўапкерлер насос станцияларында қандай етип энергияны үнемлеў мүмкин, деген сораўға анық жуўап беретуғын илажларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Соның ишинде, сынақ түринде бул насос станциясындағы қуўатлылығы 110 кВт, суў шығарыўы 0,5 м3/сек. болған насос агрегатының орнына 2 дана заманагөй “SHIMGE” насос агрегатлары орнатылған.

Бул илажлардың энергияны үнемлеўдеги әҳмийети түсиндирилип, қатнасыўшылар бул насос агрегатлары ҳәм орнатылып атырған қуяш панельлери менен танысып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Усы мазмундағы семинарлар басқа районларда да шөлкемлестирилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги