ӨзЛиДеП тәрепинен ҳәр жылы өткерилип атырған “Исбилермен ҳаял-2025” таңлаўының райондағы мәҳәлле басқышы шөлкемлестирилди.
Таңлаўдың тийкарғы мақсети аймақларда жергиликли өндиристи жолға қойған, кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық, руўхый ғамхорлық көрсеткен, “Ҳаял-қызлар,” “Жаслар” дәптерлеринде дизимде турғанларды жумыс пенен тәмийинлеўде өрнек болып киятырған инталы ҳәм мийнет сүйгиш ҳаял-қызларға айрықша итибар қаратып атырған исбилермен ҳаял-қызларды анықлаўдан ибарат.
Таңлаўдың Кегейли районы “Гужим терек,” “Халқабад”, “Бахытлы” ҳәм “Қуяшлы” МПЖдағы “мәҳәлле” басқышы да жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Кегейли районы “Қуяшлы” МПЖ да болып өткен таңлаўда исбилермен ҳәм өнермент ҳаял-қызлар өз өнимлери менен қатнасты.
Төрешилер қурамы ағзалары жеңимпазлыққа талабанлардың әмелий жумыслары менен жақыннан танысып, усы күнге шекем ерискен жетискенликлери, имканиятлары, келешектеги режелери ҳәм кемшиликлерин де үйренди.
Таңлаў жуўмағы бойынша «Қуяшлы»МЖП аймағындағы жеке исбилермен Г.Пердебаева мәҳәлле басқышында жеңимпаз болып, районлық басқышқа жоллама алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги