Пресс-тур

Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен ғалаба хабар қураллары  ўәкиллериниң қатнасыўында  Әмиўдәрья районына  Медиа-тур шөлкемлестирилди.  Илаж даўамында журналистлер райондағы жаңадан жумыс баслаған исбилерменлердиң жумыслары менен бирге,  үй алды қыйтақ жерден өнимли пайдаланып, өз шаңарағына қосымша дәрамат келтирип отырған шаңарақлардың жағдайлары менен де танысты. Медиа- тур тек ғана жергиликли исбилерменликтиң бүгинги күндеги раўажланыў жағдайы емес, ал оның келешеги ҳаққында да терең пикир жүргизиўге шақыратуғын илаж болды.

Биз танысқан обектлерде жаңадан ашылған имканиятлар, жаңа жумыс орынлары ҳәм ең әҳмийетлиси, жергиликли халықтың турмысын жақсылаўға қаратылған дыққат-итибар Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар, «Кәмбағаллықтан-абаданлыққа қарай» бағдарламасының район көлеминде әмелге асырылып атырғанлығыны менен қунлы. Исбилерменлердиң жумысын жолға қойыўда мәмлекет тәрепинен көрсетилген жәрдем, атап айтқанда, субсидиялар ҳәм жеңиллетилген кредитлер үлкен жәрдем болған. Бүгин олар өзлери жаратқан жумыс орынлары арқалы басқа да пуқараларға  жаңа үмит, жаңа имканиятлар бағышламақта.

-Районымызда кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында системалы жумыслар алып барылып,  ҳәзирги күнде 2 933 шаңарақ (12 432 халық) кәмбағаллық реестрине киргизилген болып, усы жылдың екинши шерегинде 697 шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў режелестирилген болып, әмелде 852 шаңарақ (3796 халық) тың кәмбағаллықтан шығарылыўына   ерисилди. Сондай-ақ, “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде 8 914 шаңарақ социаллық қорғаўдың бирден-бир реестрине киргизилген.  49 мәҳәлле жетилиги тәрепинен 9 298 шаңарақ хатлаўдан өткерилип, 4-5 категориядағы 909 шаңарақтан 520  шаңарақ таңлап алынып, олар менен индивидуал жумыс алып барыў мақсетинде Республика ҳәм район көлеминдеги жуўапкер басшылар бириктирилди. Усы 520 шаңарақтың ҳәр бири ушын өз алдына индивидуал бағдарламалар ислеп шығылып, 1970 илажды әмелге асырыў режелестирилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң Әмиўдәрья районлық бөлиминиң баслығы Мамуржон Темирбаев.

Биз  санаат зонасында жайласқан,  исбилермен Дилдора Хайтбаева басшылық етип атырған сүттен таярланатуғын өнимлерди ислеп шығарыўға қәнигелескен “Камрон Голд Медиа” ЖШЖ ҳәм “Равшанбек-Юлдузхон” жеке меншик кәрханасына қараслы нан ҳәм кондитер өнимлерин ислеп шығарыў цехында болдық.

Исбилермен Дилдора Ҳайитбаеваның атап өтиўинше, 2008-жылы анасы менен биргеликте күнине 100 нан ҳәм пәтир жабыўдан баслаған киши исбилерменлик жумысы бүгинги күнге келип 33 жумыссыз пуқараның бәнтлигин тәмийинлеген өндирис кәрханасына айланған. Итибарлысы, кәрханада жумыс ислеп атырғанлардың көпшилиги социаллық қорғаўға мүтәж, “Ҳаял-қызлар дәптери”нде турған жергиликли пуқаралар  болып, бүгин турақлы жумыс пенен тәмийинлениўи нәтийжесинде шаңарақлық шараятлары барған сайын жақсыланбақта.

Исбилерменниң жумысы Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў ҳаққында”ғы Пәрманы тийкарында 200 мың АҚШ доллары муғдарындағы жеңиллетилген банк кредити есабынан Қытай Халық Республикасынан заманагөй станоклар, әсбап-үскенелер алып келиниўи нәтийжесинде және де раўажланбақта.



Бүгинги күнде “Камрон Голд Медиа” ЖШЖда 10 нан аслам түрдеги сүт өнимлери ислеп шығарылмақта. Күнине 600 литрден аслам сүт қайта исленеди. Ислеп шығарылған сүт өнимлери райондағы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине шәртнама тийкарында жеткерип бериледи. Кәрхананың 4 жеткерип бериў машиналары болып, ислеп шығарылған өнимлер сол күнниң өзинде тутыныўшыларға жеткерип бериледи. Мангыт дийқан базарында да кәрханаға қараслы ярмаркалар шөлкемлестирилген болып, өнимлер халыққа қолайлы баҳаларда сатылмақта.

Кейинги барған мәнзилимиз “Ал-кафил бизнес пласт” ЖШЖ болып, бул кәрхана тек ғана районның ишки базарын емес, ал қоңсы районлар менен  қоңсы ўәлаятларды да өз өнимлери менен тәмийинлеп келмекте. Бүгинги күнде кәрханада  15 ке шамалас жумыссыз пуқаралар жумыс пенен тәмийинленген. Кәрхана баслығы, исбилермен Аллаберган Ёрназаров  өз жумысын 2019-жылы баслаған болып,  Халық банки тәрепинен ажыратылған 37 мың АҚШ доллары муғдарындағы жеңиллетилген кредит есабынан Қытай Халық Республикасынан пластмасса өнимлерин ислеп шығарыўшы үскенелер алып келген. Ҳәзирги ўақытта жәмийетке қараслы цехта халықтың күнделикли турмысы ушын пайдаланылатуғын 10 нан аслам түрдеги, ҳәр қыйлы көлемдеги хожалық пластмасса буйымлары ислеп шығарылмақта.

-Бул жерде жумыс ислеп атырғаныма бир жылға шамаласты. Өзим суў башок ислеп шығаратуғын станокта тураман. Күнине 200 ден аслам суў башок ислеп шығарылады. Ис ҳақыларымыз ўақтында берилмекте. Жумыссыз үйде отырған ўақтымда усы жумыс табылғанында қуўанышлы болдым,-дейди кәрханада жумыс ислеўши Зульфия Юсупова.

Медиа-тур шеңберинде және бир дыққатқа ылайық тәрепи – бул үлгили қыйтақ жер ийелериниң тәжирийбеси менен танысыўымыз болды. Районда көплеген шаңарақлар өз қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланып, нәл тәрбиясы, палыз өнимлерин жетистириўди  табыслы шөлкемлестирген. Бул болса тек ғана шаңарақлық дәрамат дереги емес, ал аўыллық жерлерде турақлы бәнтликти тәмийинлеўдиң үлгиси сыпатында баҳаланады.


-Напақада болғанымыз бенен ҳеш қашан қарап отырмағанбыз,-дейди Жайҳун АПЖ турғыны Уғылжан Ҳайтжанова. –Шаңарақ ағзаларымыз бенен биргеликте үй қапталындағы қыйтақ жеримиздиң бес сотых жерине қыяр егип қойған болсақ, еки гектар жеринде нәл жетистирип атырмыз. Бул жумысларды жолға қойыў ушын ҳәким жәрдемшисиниң жәрдеми менен  2022-жылы 30 миллион сум банктен жеңиллетилген кредит алдық. «Ҳәрекетке, берекет»,-дегениндей дәраматымыз жақсы. Жақында қыярларымыздан өним алып баслаймыз ҳәм базарға шығарамыз. Сондай-ақ, палыз өнимлериниң нәллерин жетистирип, сатыўға шығарып баслаймыз. Усы жердиң арқасында балларымызды оқытып, үйлендирип тойлар берип, жақсы турмыс кеширип атырмыз. Адам ериншекликтен қутылып, мийнет етсе көплеген жетискенликлерге ериседи.

Жақында «Аму плаза» шаңарақлық кәрхана тәрепинен иске түсирилген мийманхана турмысы менен танысып, ол жердеги мийманларға жаратылған қолайлықларды көрдик.

-Бул мийманханамыз 27 орынға мөлшерленген болып, 3 млрд қаржы есабынан қурып пикерилди. Бес адамның бәнтлигин тәмийинледик. Мийманханамыз дәрбент жолдың бойында жайласқанлықтан тийкарынан туристлерге хызмет көрсетип келмектемиз. Ол ушын имканиятларымыз жетерли,-дейди мийманхана ис жүргиўшиси С.Абдураимов.

Әмиўдәря районында болып атырған унамлы өзгерислер, бул аймақта исбилерменлик орталығының жанланып атырғанынан дерек береди.

Медиа-тур жуўмағында журналистлер тәрепинен көрилген обектлер ҳәм ол жердеги жумыс унамлы баҳаланып, бундай басламалар пүткил республика бойлап кеңнен ен жайдырылыўы керек екенлиги атап өтилди.

Биз көрип гүўасы болғанымыздай, исбилерменлердиң жумысын жолға қойыўда мәмлекет тәрепинен көрсетилген жәрдем, атап айтқанда, субсидиялар ҳәм жеңиллетилген кредитлер үлкен жәрдем болған. Бүгин олар өзлери жаратқан жумыс орынлары арқалы басқа да пуқараларға  жаңа үмит, жаңа имканиятлар бағышламақта. Бул әлбетте жақсы нәтийже.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги