Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ҳ.Султанов 2025-жылдың 1-шерегинде әмелге асырылған жумыслары бойынша есабат бериўи ушын Елликқала районындағы Қырққызабад АПЖ имаратында сайлаўшылар менен ушырасыў өткерди.
Әмелге асырылған жумыслар бойынша есабаты тыңланып, тийисли шөлкемлерге жиберилген депутатлық сораўларға берилген жуўаплар ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Соң, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бағдарындағы илажларды жаңа басқышқа алып шығыў ҳаққында”ғы пәрманы тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң үшинши сессиясында көрип шығылған мәселелер таныстырылды, – деп мағлыўмат береди Елликқала районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Аймақ турғанлары депутатқа аймақта ушырасып атырған машқалалар бойынша мүрәжатлар билдирди.
Билдирилген мүрәжатлардың шешилиўи бойынша депутатлық қадағалаў жумысларын алып барыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги