Ақыл, терең билим жарысы болған интеллектуаллық ойынлар күннен-күнге заманагөй, тарийхый, кәсипке байланыслы ҳәм басқа да қызықлы сораўлар менен байып, тараўлардағы хызметкерлер арасында да өткерилип барылыўы үрдиске айланбақта.

Усындай жарыслардың бири – “Заковат” интеллектуаллық ойыны Хожели районы Мәлимлеме-китапхана орайында шөлкемлестирилди.

“Заковат” интеллектуаллық ойынын өткериўден мақсет – тараў хызметкерлери арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў болып есапланады.

Илажда Хожели районы Ишки ислер бөлиминиң “Антакия,” “Адолат”, Миллий Гвардияның “Қалқон”, Айрықша жағдайлар бөлиминиң “Суңқарлар” командасы хызметкерлери беллести.

Илаж жуўмағында ИИБниң “Адолат” командасы жеңимпаз болды. Қатнасыўшыларға Ишки ислер бөлими тәрепинен диплом ҳәм саўғалар тапсырылды. Хожели районы Мәлимлеме-китапхана орайына миннетдаршылық хаты ҳәм китап саўға етилди.





Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги