Салқын ишимликлер, турмыслық техника, фармацевтика, алкоголь ҳәм темеки сыяқлы өнимлерди маркировкалаў системасы енгизилген.
Бирақ, барлық нызам-қағыйдаларға сәйкес ислеп атырған исбилерменлердиң өнимлери менен бир ўақытта маркировкасыз товарлар да арқайын сатылып атырған жағдайлар бақланбақта. Барлық дүканлар да маркировка менен ислемегени ушын қадағалаў шынжыры үзилип қалмақта.
Салық ҳәм Бажыхана комитетлерине маркировкалаўдың өндирис көлемине унамсыз тәсирин азайтыў илажларын ислеп шығыў, маркировкалаў талабының орынланыўы үстинен қадағалаўды күшейтиў тапсырылды.
Қымбат базарларда талап жоқары болған айырым товарлар экспортына шеклеў болмайтуғыны жәрияланды. Тек ғана 86 товар топарына кирген шийки зат ҳәм социаллық әҳмийети жоқары өнимлерге экспорт бажылары енгизиледи.
Бул исбилерменлеримиз ушын жаңа имканият екени атап өтилди.
– Бир нәрсени анық түсиниў керек. Егер исбилерменлер қымбат базарларға ислесе, оларда өнимди көбейтиў, сапаны жақсылаўға умтылыс, қызығыўшылық артады, мәп болады,-деди Президент.
ӨзА