Және 24 пуқара өз мүлкине нызамлы  ийелик ететуғын болды

446

Қарақалпақстанда 24 пуқараның турақ жайға болған ҳуқықлары тән алынды.

«Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына және оларда қурылған имарат ҳәм қурылмаларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы Нызамның 4-11-статьяларына бола дәслепки ҳуқықлар тән алынды.

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жылғы «Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық тәреплер жағынан қурылған турақ жайларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық республикамыздағы 27590 турақ жайдың ижара ҳәм мүлк ҳуқықлары тән алынған еди. Президентимиз тәрепинен 2024-жыл 5-август күни «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына және оларда қурылған имарат ҳәм қурылмаларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы нызамға қол қойылды. Өзбекстан кадастр агентлиги тәрепинен график тийкарында хатлаў жумыслары адып барылып, дәслепки нәтийжелерге ерисилди,-дейди Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының жәмийетшилик пенен байланыслар бойынша бас қәнигеси Парахат Әжимуратов.

Атап айтқанда, Шымбай, Кегейли, Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районларындағы, жәми 24 турақ жайдың ийелери толық ийелик ҳуқықын қолға киргизди. Енди бул пуқаралар өз мүлклерине нызамлы түрде ийелик ететуғын болды.

Нызам менен пуқаралар ҳəм исбилерменлердиң мүлкке болған ҳуқықлары тəн алынады, пуқаралар арасындағы мүлкшилик, сондай-ақ, мийраслар менен байланыслы даўларға шешим табылады. Буннан тысқары, халықтың социаллық мəселелери (турақлы дизимге қойыў, материаллық жəрдем алыў, мектеп, бақшаға жайластырыў) және имарат ҳəм объектлерди коммуналлық тармақларға жалғаў бойынша мəселелери шешиледи.

Нызам талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде елимиздиң барлық аймақларында Мәмлекетлик кадастрлар палатасының қәнигелери тәрепинен мәҳәллелерде хатлаў жумыслары даўам  етпекте. Хатлаў нәтийжелерине муўапық ҳәр бир объект ҳаққында мағлыўматлар ҳәм комиссия жуўмақлары etirof.kadastr.uz системасына киргизилип барылмақта.

2025-жыл 18-апрель күнги мағлыўматқа бола, Қарақалпақстан Республикасында 80 мәҳәлледе 19 мың 349 турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлер хатлаўдан өткерилип, 7854 объект автоматластырылған мәлимлеме системасына киргизилди. Соннан, 5375 объект комиссияда ҳәм 2479 объект жәмийетшиликке жәрияланған.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессия қарары менен Шымбай, Кегейли, Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районларындағы 24 турақ жай ийелериниң өзбасымшалық пенен ҳәм артықша ийелеген жерлерине, оларда қурылған турақ жайларына ижара ҳәм мүлк ҳуқықлары тән алынды.

Мәмлекетлик кадастрлар палатасы тәрепинен бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги