Қарыздарлық есабынан банклер балансына алынған мүлклердиң реализациясы жеделлестириледи

Өзбекстан Республикасы Президенти «Қарыздарлық есабынан банклер балансына алынған мүлклердиң реализациясын жеделлестириў илажлары ҳаққында» қарар қабыллады.
Оған муўапық, мүддети өткен қарыздарлықты өндириў механизмлерин жетилистириў ҳәм банк балансындағы ҳәрекетсиз мүлклерди сатыў имканиятларын арттырыў арқалы банклерди қаржылай саламатландырыў ҳәм қайтқан қаржы ресурс есабынан исбилерменлик субъектлериниң жумысын қаржыландырыў мақсетинде банклердиң балансындағы ҳәрекетсиз мүлклер үлесин азайтыў, соның ишинде, 2025-2026-жыллары кеминде 4 триллион сумлық усы түрдеги мүлклерди сатыў белгиленди.
2025-жыл 1-майдан баслап устав фондында мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған банклерге ҳәм олардың жанындағы инвестиция компанияларына аукционда сатылмастан қарыздарлықларды сөндириў есабынан банк балансына алынған мүлклерди базар баҳасында тиккелей сатыўға, соның ишинде, кредит, бөлип-бөлип төлеў, лизинг шәртнамалары ямаса нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да келисимлер арқалы сатыўға руқсат етиледи.
Коммерциялық банклерге қарыздарлықларды сөндириў есабынан банк балансына қабыл етилген имарат-объектлер, технологиялық үскенелер ҳәм басқа да мүлклер тийкарында коммерциялық банклер жанындағы инвестициялық компаниялар арқалы тоқтап қалған өндирис (хызмет көрсетиў) жумысын тиклеп, оларды таяр бизнес сыпатында потенциаллы инвесторларға сатыў ҳуқықы бериледи.
ӨзА