Имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў мәселелери додаланды

Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасының баслығы Х.Бекчанов ҳәм Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашевлар райондағы киши ҳәм орта исбилерменлик субъектлериниң ўәкиллери менен ашық сәўбетлесиў өткерди.
Ушырасыўда салық тараўындағы соңғы өзгерислер, атап айтқанда, Президентимиздиң усы жыл 19-марттағы “Киши ҳәм орта бизнестиң экономикадағы орнын арттырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманына муўапық исбилерменлик субъектлерине берилип атырған имканиятлар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берилди.
Исбилерменлердиң қатарын және де кеңейтиў, жаратылып атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилип атырған ушырасыўларда салық нызамшылығына байланыслы өзгерислер ҳәм жаңалықлар ҳаққында сөз етилип, жеке меншик сектор ўәкиллериниң бар машқала ҳәм усыныслары үйренилмекте.
Исбилерменлердиң салық жеңилликлерин қолланыў, турақ жай емес объектлерге мүлк салығын есаплаў, банк ҳәм кадастр уйымлары менен байланыслы машқала ҳәм усыныслары тыңланып, унамлы шешиў илажлары көрилди.
Ушырасыўда қатнасыўшылардың да пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.




Қарақалпақстан хабар агентлиги