Белгили инсанлар өмири-жаслар ушын сабақ

Китап жаңалығы
Елимиздиң раўажланыўы, абадан турмыста жасаўы жолында қаншада-қанша мәрт ҳәм дана ата-бабаларымыз пидайылық пенен мийнет етип, халқымыз ядында мәңгиге мөрленип қалған. Тарийхымызда халқымыз ардақлаған көплеген тарийхый тулғалар жасап өткен. Олардың басып өткен өмир жолы бүгинги әўлад ушын сабақ болып табылады.
Алтынды қанша ысқыласаң сонша жылтырағанындай, сол тулғалар ҳаққында қанша еслеўлер көп айтылса олардың қәдир-қымбаты сонша арта береди.
Жақында «Jeti Iqlim» баспасы XIX-XX әсирде жасап өткен әжайып инсанлардың өмиринен китап оқыўшылары бурын билмеген еске түсириўлер берилген «Белгили инсанлар өмиринен еске түсириўлер» атлы китабын басып шығарды.
Китапта Айдос бий, Ораз Муҳаммед аталық, Әўезжан хожа, Нәжим Дәўқараев, Аллаяр Досназаров, Аяпберген Муўсаев, Избасар Фазылов, Ибрайым Юсупов, Айымхан Шамуратова ҳәм халқымыздың тарийхы туўралы белгили әдебиятшы, тарийхшы, этнограф илимпазлар ҳәм шайырлардың еске түсириўлери берилген.
Китап халқымыздың руўхый дүньясын байытыўда әҳмийетли оқыў қолланба болады деген үмиттемиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы