Илимниң раўажланыўы жолында

Елимиз – илим-билимниң ошағы, ойшыллар Ўатаны болып табылады. Илим ҳәм ағартыўшылыққа болған умтылыс әзелден халқымыздың қанына сиңип кеткен. Уллы ата-бабаларымыз өзлериниң жоқары интеллектуаллық потенциалы менен дүнья цивилизациясына салмақлы үлес қосқан. Бүгин олардың мүнәсип даўамшылары болған илимпазларымыз бар екен, олар илимниң раўажланыўы жолында нәтийжели жумысы менен дүнья илиминде мүнәсип орынға ийе. Әне, усылардан бири белгили илимпаз, математикалық физика ҳәм функционал анализ тараўындағы, дифференциал операторлардың спектрал теориясы, математикалық физика теңлемелери ушын шегаралық мәселелер теориясы ҳәм гармониялық анализге үлкен үлес қосқан көрнекли кадр, физика-математика илимлериниң докторы, профессор, Өзбекстан Илимлер академиясының академиги, Беруний атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Шавкат Алимов болып табылады.
Ш.Алимов дифференциал операторлардың спектрал теориясы ҳәм гармониялық анализ тараўында илимий мектеп жаратқан, республикамызда илим ҳәм жоқары билимлендириўдиң жанкүйер шөлкемлестириўшиси, математиканың раўажланыўына салмақлы үлес қосқан илимпаз, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер болып табылады.
Орайлық Азияда, атап айтқанда, Өзбекстанда математикалық изертеўлердиң жаңа бағдары – дифферециал операторлардың жаңа бағдары – дифференциал операторлардың спектрал теориясы, математикалық физиканың заманагөй усыллары раўажланып барыўы және бул бағдарлардағы дүньяға белгили илимий мектептиң шөлкемлестирилиўи ҳәм оның жедел раўажланыўы тиккелей академик Ш.Алимовтың исми менен тығыз байланыслы болып табылады.
Усы күнлерде теберик 80 жасты қарсы алған илимпаздың басып өткен узақ ҳәм машақатлы жолына нәзер таслар екенбиз, ҳәмийше илимге болған умтылыс, тәртип-интизам, кишипейил минез-қулқы менен тәрбиясы, өз исине садықлығы оның жетискенликлерине жол ашты, десек алжасық болмайды.
Шавкат Алимов 1945-жылы Нөкис қаласында хызметкер шаңарағында туўылған. Ташкенттеги 88-мектепти 1962-жылы алтын медаль менен питкергеннен соң, Москва мәмлекетлик университетиниң Физика факультетине оқыўға киреди ҳәм Математика кафедрасы бойынша 1968-жылы жеңилликли диплом менен тамамлайды. 1968-1970-жылларда усы кафедрада аспирантураны профессор Владимир Ильин басшылығында өтейди ҳәм 1970-жылы бурынғы Аўқам Илимлер академиясы жанындағы Әмелий математика институты Илимий кеңесинде академик М.Келдыш басшылығында функциялар теориясы ҳәм функционал анализ бағдары бойынша кандидатлық диссертациясын қорғаған.
1970-жылдан өзиниң мийнет жолын Москва мәмлекетлик университетиниң сол ўақытта ашылған Есаплаў математикасы ҳәм кибернетика факультетинде ассисент лаўазымынан баслайды, 1972-жылдан 1974-жылға шекем болса доцент лаўазымында ислейди.
1973-жылы Москва мәмлекетлик университетиниң Есаплаў математикасы ҳәм кибернетика факультетиниң Илимий кеңесинде математикалық физика теңлемелери бойынша докторлық диссертациясын 28 жасында жақлады. 1973-жылы математикалық физика теңлемелериниң спектрал теориясы бойынша изленислери ушын мәмлекет жасларының жоқары сыйлығына сазаўар болды. 1974-жылы Москва мәмлекетлик университети Есаплаў математикасы ҳәм кибернетика факультетиниң профессоры лаўазымына таңлаў тийкарында сайланды.
1974-жылдан 1984-жылға шекем ММУ Есаплаў математикасы ҳәм кибернетика факультетиниң Улыўма математика кафедрасының профессоры болып ислеген. Усы дәўир ишинде докторлық диссертациясын қорғаў бойынша еки қәнигелескен кеңестиң ағзасы болған. 1970-жылдан 1984-жылға шекем устазы профессор В.Ильин менен биргеликте математикалық физиканың функционаллық усыллары бойынша илимий-изертлеў семинарына басшылық еткен.
Усы жылдың сентябринен илимпаз жумысын Ташкент мәмлекетлик университетине (Ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети) көширеди. 1985-жылдан бир мүддет Өзбекстан Илимлер Академиясы Математика институты директорының орынбасары сыпатында ислейди.
1985-1987-жылларда Самарқанд мәмлекетлик университетине, 1987-1990-жылларда болса Ташкент мәмлекетлик университетине, басшылық етти. Оның басшылық жумысындағы жетискенликлери мүнәсип тән алынды. 1990-1992-жылларда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри сыпатында жумыс алып барған.
Илимпаздың халықаралық қатнасықлардағы билим ҳәм тәжирийбеси де айрықша әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, 1994-1995-жылларда Шавкат Алимов Өзбекстан Сыртқы ислер министриниң орынбасары болып ислейди. 1995-1998-жылларда елимиздиң Қытай Халық Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси, 1998-2003-жылларда Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатиясы университетиниң Илимий ислер бойынша проректоры ўазыйпаларында, 2000-2001-жылларда АҚШтың Калифорния технология институтында (Cаltech) профессор-изертлеўшиси (Visiting Researcher) болған. Ташкентке қайтқаннан соң, 2012-жылға шекем Өзбекстан Миллий университети Математикалық физика кафедрасының профессоры лаўазымында иследи. Соның менен бирге, 2006-жылдан Москва мәмлекетлик университетиниң Ташкент филиалының Әмелий математика факультетиниң профессоры болып ислеген.
2012-жылдан 2017-жылға шекем Куала-Лумпурдағы Малайзия микроэлектроникалық системалар (МИМОС) институтының математикалық моделлестириў лабораториясына басшылық етип келди, соның менен бирге, усы институттың (Chief Scientist) бас илимпазы сыпатында жумыс алып барған.
2017-жылдан 2019-жылға шекем Өзбекстан Миллий университетиниң Дифференциал теңлемелер ҳәм математикалық физика кафедрасының профессоры лаўазымында иследи. 2019-жылдан бүгинги күнге шекем “Интеллектуаллық программаластырыў системалары” илимий-әмелий орайының илимий консультанты ҳәм Өзбекстан Миллий университети ректорының мәсләҳәтшиси сыпатында жумыс алып бармақта.

Ш.Алимовтың тийкарғы илимий жумысы жеке туўындылы диференциал теңлемелердиң спектрал теориясы ҳәм математикалық физика теңлемелери ушын шегаралық мәселелер теориясына бағышланған болып, онда, әсиресе, оның илимий басшысы академик В.Ильин изертлеўлериниң тәсири үлкен болған.
Өткен әсирдиң жетписинши жылларының басында Шавкат Алимов тәрепинен ықтыярлы тәртипли тегис коэффициентли эллиптикалық операторлар менен байланыслы спектрал жайылмалардың жақынласыўы ҳәм жәмлениўи мәселелери бойынша излениўлер алып барылған. Дифференциалласыўшы функциялардың ең әҳмийетли класлары ушын спектрал жайылмалардың функцияға тегис жақынласыўшы болыўын тәмийинлейтуғын анық шәртлер табылған. Табылған шәртлер ҳәттеки метематикалық физиканың Лаплас операторы сыяқлы илимий жумысларында Lp класстан алынған функция спектрал жайылмасының жәмлениў мәселеси үйренилген ҳәм онда биринши мәрте спектрал жайылманың Рисс орташасы ҳеш бир ноқатта топланбайтуғын, усы класстан алынған функцияға мысал қурылды.
1970-жыллардың ақырында А.Бицадзениң усынысы менен Шавкат Алимов тәрепинен екинши тәртипли эллиптикалық теңлемелер ушын бузылыўшы бағыт бойынша туўындылы шегаралық мәселелер үйренилди. Оның тәрепинен, атап айтқанда, шегаралық шәртти анықлайтуғын вектор майданның урыныў тәртибине байланыслы ҳалда шешим тегислигиниң жоғалыўының анық тәртиби табылған. Бираз кейинирек усыған уқсайтуғын нәтийжелер швед математиги Бент Винцел тәрепинен алынды.
Шавкат Алимов тәрепинен бул мәселени шешиў ушын ислеп шығылған усылды ықтыярлы характердеги (дәрежели болыўы шәрт болмаған) урыныўға ийе болған ҳәм шешим тегислигиниң жоғалыўын сүўретлеў ушын функциялар класынан улыўмаласқан тегислик талап етилетуғын жағдайларда да қолланыў мүмкин болды.
1980-жыллардың басында Ш.Алимов тәрепинен сингуляр коеффициентли эллиптикалық теңлемелер ушын изертлеўлер алып барылды. Бундай теңлемелер класына тек айырым ноқатларда ғана емес, ал шексизликке кететуғын көп түрлиликлерде де айрықшалыққа ийе потенциаллы Шредингер теңлемеси тийисли болады. Буған әҳмийетли мысал ретинде квант механикасындағы өз-ара кулон күшлери тәсириндеги көп молекулалы системаны анлатыўшы Шредингер операторын келтириў мүмкин. Бундай тенлемелер ушын спектраллық функцияның анық баҳасы ҳәм қәлеген функцияны спектраллық жайылмалар жәрдеминде аңлатыў шәртлери анықланды.
Усы дәўирде Шавкат Алимов тәрепинен локал емес шегаралық мәселелердиң спектраллық өзгешеликлери үйренилди, бул мәселелерде изленип атырған функцияның шегараның айырым бөлиминдеги көлемлери менен оның тараў ишиндеги ноқатлардағы көлемлери шегаралық шәртлер арқалы байланысады. Бул типтеги мәселелер биринши мәрте А.Бицадзе ҳәм А.Самарский тәрепинен қойылған ҳәм үйренилген. Усы сыяқлы мәселелердиң өзгешелиги сонда, олар өз-өзине қоспа болмайды ҳәм соның ушын олардың спектри классикалық жағдайға қарағанда қурамалы характерге ийе болыўы мүмкин. Илимпаз бир қатар локал емес шегаралық мәселелер ушын толық тән функциялар системасы бар екени ҳәм сәйкес системалардың базислигин дәлиллеўге еристи.
Соның менен бирге, академик Шавкат Алимов қырық жыл даўамында мектеп билимлендириўи математикасын жетилистириўде белсене қатнасып келмекте. Ол 1978-1984-жылларда бурынға Аўқам Илимлер академиясы Математика бөлиминиң мектеп сабақлықлары ҳәм оқыў бағдарламалары бойынша комиссиясының илимий хаткери болып жумыс алып барды. Ол орта мектеплер ушын Россия Федерациясы, Украина, Беларусь Республикасы ҳәм басқа көплеген мәмлекетлерде тән алынған “Алгебра ҳәм анализ тийкарлары” сабақлықларының авторларынан бири болып табылады.
Буннан тысқары, жоқары оқыў орынларының студентлери ушын сабақлық ҳәм оқыў қолланбаларын таярлаў ҳәм басып шығарыўда да белсене қатнасып келмекте. Атап айтқанда, 2012-жылы Шавкат Алимовтың шәкирти, профессор Р.Ашуров пенен биргеликте еки бөлимнен ибарат “Математикалық анализ” оқыў қолланбасын таярлады. Бул оқыў қолланбаны қайта ислеп, оның екинши басылымы 2018-жылы үш томлық сабақлық сыпатында басып шыгарылды.
Илимий изертлеўлер алып барыў ҳәм баянатлар оқыў ушын академик Шавкат Алимов АҚШ, Япония, Германия, Венгрия, Польша, Куба, Малайзия ҳәм басқа да мәмлекетлердиң университетлеринде болған. Делегация басшысы ҳәм ағзасы сыпатында Вашингтон (АҚШ), Лондон (Уллы Британия), Париж (Франция), Рим (Италия), Брюссел (Белгия), Вена (Австрия), Прага (Чехия), Братислава (Словакия), София (Болгария), Скопе (Македония), Токио (Япония), Каир (Египет), Дели (Ҳиндстан), Жакарта (Индонезия) сыяқлы көплеген қалаларға барған.
Илимпаздың 150 ден аслам илимий мақалалары ҳәм көплеген оқыў-методикалық жумыслары басып шығарылған. Оның шәкиртлериниң арасында 10 илим докторы ҳәм 20 дан артық илим кандидатлары болып, олар тек ғана мәмлекетимизде емес, ал Россия Федерациясы, Түркия, Финландия, Малайзия, АҚШ сыяқлы мәмлекетлердеги университет ҳәм илимий орайларда жумыс алып бармақта.
Шавкат Алимовтың математика тараўындағы илимий изертлеўлери, ойлап табыўлары ҳәм хызметлери халықаралық көлемде тән алынған. Ол 1984-жылы Өзбекстан Илимлер академиясының хабаршы ағзасы, 1991-жылы Халықаралық жоқары билимлендириў илимлер академиясының академиги, 2000-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының академиги.

Әлбетте, ҳәр бир тараўдың раўажланыўы усы тараўда мийнет етип атырған пидайы, жанкүйер инсанлардың жемисли мийнетине байланыслы. Ш.Алимов Беруний атындағы Өзбекстан Мәмлекетлик сыйлығына ийе болды. Илим ҳәм билимлендириўдеги табыслары ушын “Меҳнат шуҳрати” ордени менен сыйлықланды.
Ата-бабалар ҳәм әўладлар арасында өзине тән көпир ўазыйпасын атқарған ҳәм атқарып атырған қаншадан-қанша ибратлы инсанлар бизди бәрқулла раўажланыўға үлес қосыўға шақырады. Олардың қатарында устазымыз, академик Шавкат Алимовтың бар екенинен мақтанамыз. Бүгин теберик 80 жасты қарсы алып атырған устаздың жумысы шәкиртлер ушын ибрат, ҳәр бир нәсияты болса ҳикметтен ибарат.
Жоқары инсаныйлық пазыйлетке ийе, руўхый жақтан бай, өзиниң әдил принциплерине садық, әжайып илимпаздың көп қырлы пүткил өмири илимниң раўажланыўына ҳәм Ўатанға хызмет етиўдиң айқын көриниси болып табылады.
Шавкат АЮПОВ,
Өзбекстан илимлер академиясы
президенти, академик,
Иномжон МАДЖИДОВ,
Өзбекстан Миллий университети
ректоры, профессор.
Қарақалпақстан хабар агентлиги