Ҳәптениң мәдений илажларға бай болыўы күтилмекте

Усы жылдың 17-19-апрель күнлери Қарақалпақстан актив туристлик орайына айландырылып, халықаралық Арал туризми ҳәптелиги шеңберинде республикада әҳмийетли илажлардың өткерилиўи режелестирилген.
Дәслеп 17-апрель күни қатнасыўшылар ушын Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы музейге ҳәм басқа да тарийхый орынларға саяхат шөлкемлестириў белгиленген.
Ҳәптеликтиң 2-күнинде «Аралбойы жақсы нийет елшилери» халықаралық илимий-әмелий конфренциясы ҳәм «Open-air» концерт бағдарламасының өткерилиўи режелестирилген.
19-апрель күни «10000 қәдем» жәмийетлик жойбары, «Нәл егиў» акциясы, спорттың «Бадминтон» түри бойынша жарыс ҳәм «Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивалын өткериў нәзерде тутылған.
Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериси министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Туризм комитети тәрепинен шөлкемлестирилип атырған бул илажлар, әлбетте, регионның туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў, экологиялық ҳәм мәдений мийрасларды сақлаў, соның менен бирге, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли.
Қарақалпақстан хабар агентлиги