Қумлақ жерлерге де сексеўил, жыңғыл, қарабарақ нәллерин егиў басланды

363

2025-жыл – «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»на белгиленген илажлар нәтийжели даўам етпекте.

Усы жыл 16-апрель күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қытай Халық Республикасының «SINOWAY FOREST» компаниясы менен биргеликте ANSO-CR-KP-2021-13: «Арал бойы регионының шөл ҳәм қышқыл топырақларында экологиялық тиклеў» атамасында халықаралық пилот жойбар өз жумысын баслады.

Жойбарды әмелге асырыў илажының басланыўында «SINOWAY FOREST» компаниясы менеджери Тао Лиу ҳәм Синцзян Экология ҳәм география институты Қытай Илимлер Академиясының техникалық илимий хызметкерлери Ўанг Жунлин ҳәм Жиа Хионгўеилер қатнасты.

Усы күни Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы басқармасының Нөкис районына тийисли Нөкис қаласының қубласында жайласқан «Қызылқум» массивинде тәжирийбе жумыслары ушын 1 гектар жерге сексеўил, жыңғыл, қарабарақ өсимликлериниң 2400 түп нәллери ҳәм олардың туқымларының биошарларын (ширинди менен азықландырылған туқым) арнаўлы қурылмалар менен егиў жумыслары басланды.

Ҳәзирги ўақытта тәжирийбе майданын сым тосықлар менен қоршаў режелестирилмекте.

Инвестициялық жойбарда университеттиң Биология факультетиниң профессор-оқытыўшылары, докторантлар, магистрантлар, студент-жаслар ҳәм тоғай хожалығының хызметкерлери қатнаспақта.

Ҳәзирги ўақытта жойбардың екинши тәжирийбе майданы сыпатында Арал теңизиниң қурыған ултанындағы 1 гектарлық майданға шөлге ийкемлескен өсимлик нәллерин егиў жумыслары шөлкемлестирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги