Депутат өз сайлаўшыларына есап берди

291

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Улығбек Жалменов Шоманай районында сайлаўшылар менен ушырасты.

Ушырасыўға халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң депутатлары, район ҳәкимлиги ҳәм мәмлекетлик мәкеме, шөлкемлердиң ўәкиллери, Моншақлы, Мәденият, Таза базар  МПЖ  турғынлары қатнасты.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман ҳәм қарарлары, олардың әҳмийети ҳәм мазмуны, тараўларда әмелге асырылып атырған өзгерислер менен жаңалықлар, сондай-ақ, мәҳәллелерде ислениўи керек әҳмийетли жумыслар бойынша пикир алысылды.

Депутат У.Жалменов 2025-жылдың биринши шереги даўамында алып барған жумыслары бойынша сайлаўшыларға есабат  берди.

Депутат есабатынан соң, мәҳәллелерде ушырасып атырған машқалалар бойынша пикир-усыныслар тыңланды.

Ушырасыўда пуқаралардың жеке мүрәжатлары да тыңланып, орынланыўы бойынша депутат тәрепинен қадағалаўға алынды.

Елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмунын кең жәмийетшиликке жеткериў, халықтың машқалаларына шешим табыў бағдарындағы бундай илажлар орынларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги