Ҳәзирги күнлери Косово Республикасында EGMO – 2025 – Европа Қызлар Математика Олимпиадасы болып өтпекте.
Бул Олимпиадаға дүнья жүзиниң 55 мәмлекеттен 300 ге шамалас оқыўшы қызлар қатнаспақта.
Атап айтқанда, халықаралық дәрежеде өткерилген бул олимпиадаға мәмлекетимиз бойынша төрт оқыўшы қатнасып, онда қызларымыз үлкен табысқа еристи.
Республикамыз кең жәмийетшилиги ушын әҳмийетли тәрепи сонда, усы жеңимпазлар қатарында Нөкис қаласындағы 1-санлы қәнигелестирилген мектептиң 9-класс оқыўшысы Малика Хожамуратова та бар.
Маликаның бул жетискенлиги тек мектептиң педагогикалық жәмәәтиниң ғана емес, ал, пүткил Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан жасларының табысы болды.
-Оқыўшымыз буннан алдын да бир неше мәрте халықаралық Олимпиадаларға қатнасып, 2023-жылы Ташкент қаласында өткерилген Ал-Хорезмий халықаралық олимпиадасында математика пәнинен 3-орынды ийелеген еди,-дейди Нөкис қаласындағы 1-санлы қәнигелестирилген мектептиң директоры Марат Ибрайымов.-Ал, өткен жылы болса, Малика Хожамуратова информатика пәнинен Нидерландияда өткерилген халықаралық Олимпиадаға да Өзбекстан Республикасы сайланды командасы ағзалары қурамында қатнасыўға еристи. Пурсаттан пайдаланып, мектебимиз жәмәәти атынан оқыўшымыз Малика Хожамуратова ҳәм оның устазы Зарафшан Абдирашидованы ерискен табысы менен қутлықлайман. Олардың алдағы оқыўлары ҳәм жумысларына тасқын табыслар тилеймен.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы