Нызамшылыққа жерге болған ҳуқық бийкар етилиўине байланыслы норма киргизиледи

Сенаттың Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң мәжилисинде «Ыссыхана газлериниң шығарылыўын шеклеў ҳаққында»ғы Нызам дәслепки тәризде додаланды.
Онда ыссыхана газлерин шығарыўды азайтыў нәтийжесинде пайда болатуғын углерод бирликлери айланысын әмелге асырыўдың тәртибин белгилеў ҳәм ыссыхана газлери шығарылыўы үстинен қадағалаўды тәмиийнлеўге итибар қаратылған.
Ыссыхана газлериниң шығарылыўын шеклеўдиң тийкарғы принциплери, оның мониторинги, есабаты ҳәм верификация системасы тийкарлары, тәртиби, қысқартылған ыссыхана газлерине ийелик етиў ҳуқықлары белгиленбекте.

Нызамның қабыл етилиўи елимизде климат өзгериўи бойынша алып барылып атырған реформаларды жеделлестириў, қоршаған орталықты ҳәм экологияны жақсылаў және экономиканы турақлы раўажландырыўға зәрүр шараят жаратыўға хызмет етеди.
Мәжилисте «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызам да додаланды.
Нызам менен Жер кодексине суўғарылатуғын жерлерди басқа категорияға өткериў бойынша талапларды күшейтиўди нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте. Соның ишинде, категориясы өзгертилген жерлерден келешекте пайдаланыў бойынша анық шәртлер белгиленбекте, жер участкасын алғаны ҳәм жерден пайдаланғаны ушын ҳақы бойынша қарыздарлық 6 ай ишинде сапластырылмаса, жерге болған ҳуқықты бийкарлаў нәзерде тутылмақта.

Жер участкаларын алған юридикалық ҳәм физикалық тәреплер электрон онлайн-аукцион нәтийжелерине бола ямаса баҳалаўшы шөлкем тәрепинен белгиленетуғын муғдарда ҳақы төлеў, сондай-ақ, аўыл хожалығы ҳәм тоғай хожалығы өндирисиндеги ысырапгершиликлердиң орнын қаплаўы шәрт екени белгиленбекте.
Буннан тысқары, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске жер асты суўларына қудықты нызамсыз бурғылағаны ушын жуўапкершиликти белгилейтуғын, жер асты суўларынан қадағалаўсыз ҳәм есапсыз пайданланғаны ушын жуўапкершиликти күшейтетуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Буннан тысқары, мәжлис көлеминде халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң Аграр, суў хожалығы ҳәм экология мәселелери бойынша комиссиялары ағзалары ушын оқыў семинар өткерилди.
Семинарда турақлы комиссиялардың жумыс нәтийжелилигин нәтийжели шөлкемлестириў, олардың тийкарғы бағдарлары бойынша анық режелерди белгилеў, ўәкилликлер шеңберинде әҳмийетли мәселелерди додалаў ҳәм анық нәтийжелерге ерисиў бойынша тәжирийбе алмасылды.
Аўыл хожалығын реформалаў ҳәм раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, егинлерди суўғарыўда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм тараўда жаңа жумыс орынларын жаратыў, қоршаған орталықты қорғаў, пайда болып атырған машқалаларды өз ўақтында шешиў бойынша усыныслар ислеп шығыў сыяқлы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Сенаторлар, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери қатнасқан семинарда жергиликли кеңеслердиң турақлы комиссияларының ағзалары өз пикир-усынысларын билдирди.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршасы