БМШта Самарқандта өткерилетуғын форумға таярлық жумыслары додаланды

196

Өзбекстан делегациясы қурамында Санлы технологиялар министрлиги администрациясы Америка Қурама Штатларына хызмет сапарын әмелге асырмақта.

Сапар шеңберинде Нью-Йорк қаласындағы БМШ Бас резиденциясында мәжилис шөлкемлестирилди. Онда 2025-жылдың 23-25-июнь күнлери Самарқанд қаласында өткерилиўи режелестирилип атырған БМШ Мәмлекетлик хызметлер форумы («UN Public Service Forum –2025»)на таярлық жумыслары ҳәм Өзбекстанда  тараўында әмелге асырылып атырған реформалар бойынша презентация болып өтти.

Мәжилисте бул форум БМШ структуралары, халықаралық шөлкемлер ҳәм ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң министрлери қатнасатуғын жоқары дәрежедеги пленар сессиялар, әмелий семинарлар ҳәм Өзбекстан тәжирийбесин көрсетиўши миллий кейслер презентациясы менен байытылған ири халықаралық ҳәм абырайлы илажға айланатуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, илажда басқа мәмлекетлердиң жоқары мәртебели ўәкиллериниң форумда қатнасыўы, атап айтқанда, Нью-Йорктағы БМШтың турақлы ўәкиллери менен жолға қойылған бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Форумның тек ғана мәмлекетлик шөлкемлер емес, ал илимий-академиялық топарлар, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, IT -компаниялар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң ўәкиллерин де қамтып алыўы әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.

Илаж соңында БМШ Бас хаткериниң жәрдемшиси Навид Ханиф тәрепинен Өзбекстанда әмелге асырылып атырған избе-из реформалар, электрон ҳүкиметти енгизиў ҳәм мәмлекетлик хызметлер сапасын арттырыў бағдарындағы илажлар жоқары баҳаланды. Сондай-ақ, Өзбекстан Орайлық Азиядағы алдыңғы реформалар үлгиси сыпатында атап өтилди. Форумның Самарқандта өткерилиўи мәмлекетимиздиң халықаралық майданда күн сайын артып атырған абырайының және бир мысалы сыпатында атап өтилди.

Н.Раҳмонова, ӨзА