Илажлардың белгиленген мүддетлерде орынланыўын тәмийинлеў белгиленди

198

Беруний районында Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы Басқармасы баслығы С.Данияров райондағы мәҳәлле жетилиги менен оқыў семинарын өткерди.

Онда район ҳәкиминиң биринши орынбасары У.Матирзаев, ИИБ баслығы М.Муратов қатнасты.

Семинарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2025-жылда республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында”ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша сәўбет өткерилди, – деп мағлыўмат береди Беруний районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Жанар май – энергетика тараўында базар механизмлерин енгизиўде жәрдемге мүтәж халықты мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып жанар май – энергетика ресурслары баҳаларын басқышпа-басқыш базар принциплерине өткериў дәўиринде халықты, соның ишинде, жәрдемге мүтәж шаңарақларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлардың сапалы ҳәм белгиленген мүддетлерде орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли тараў ўәкиллери түсиндириў жумысларын алып барды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги